ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023 жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳақкында”ғы 408-санлы қарарының орынланыў барысы ҳаққында

24.06.2023 10:25:08 93 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023 жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша                    ис-илажлар ҳақкында”ғы 408-санлы қарарында  белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша Кегейли районы аймағында белгиленген объектлерде әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумысларының барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023 жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳақкында”ғы 408-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша Кегейли районы аймағында белгиленген объектлерде әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумысларының барысы ҳаққындағы Кегейли районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалығы, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары Қ.Атамуратовтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги (Д.Утемуратов, Қ.Атамуратов), райондағы сектор басшылары ҳәм тийисли қурылыс шөлкемлери басшылары менен биргеликте:

– Бағдарлама шеңберинде 2022-2023 жылларда Кегейли районында мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын раўажландырыў бойынша жумысы жуўмақланбаған объектлерде қурылыс-оңлаў жумысларының өз мүддетлеринде ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў бойынша зүрүр илажлар белгилесин;

– орынларда инфраструктура тараўында орын алып атырған машқалалардың өз шешимин таўып атырғанлығы ҳаққында халыққа кеңнен түсиндириў жумысларын алып барсын.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатларына:

– өзлери сайланған аймақларда пайдаланыўға тапсырылып атырған объектлерде әмелге асырылған қурылыс-оңлаў жумысларының көлеми ҳамде сыпаты бойынша депутатлық қадағалаўы тәртибинде үйрениў жумысларын алып барсын ҳәм нәтийжелери бойынша Халық депутатлары районлық Кенесине мағлыўмат киритсин.

– аймақларда бағдарлама шеңберинде әмелге асырылған жумыслар бойынша кең түрде түсиник жумысларын алып барсын.

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова), “Кегейли турмысы” газетасы редакциясы (Е.Мухамбетов) бағдарламада белгиленген райондағы социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумысларының барысы бойынша мағлыўматларды ғалаба хабар қуралларында кеңнен жарытып барсын.
  2. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Кегейли районы сектор басшыларына Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары Қ.Атамуратовқа ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Санаат, транспорт, қурылыс, коммунал тараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

 

24.06.2023 10:25:08 94