ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде секторлар ҳәм пуқаралар жыйынларында мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

24.06.2023 10:23:23 80 Баспаға шығарыў

2023 жыл өткен дәўири даўамында Президент почтасы, көшпели қабыллаўлар, секторлардың көшпели қабыллаўлары, исеним телефонлар,                  веб сайт арқалы ҳәмде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасына жәми 1131 мүрәжат келип түскен, соннан 433 мүрәжат ийеси толық қанаатландырылған, 175 мүрәжат ийесине ҳуқықый мағлыўмат бериў арқалы шешилген, 3 мүрәжат мәселеси тамамланған, 2 мүрәжат мәселеси көрип шығыўдан бас тартылған, 1 мүрәжат мәселеси көрилместен қалдырылған, 4 мүрәжат мәселеси узақ мүддетли қадағалаўға алынған, 429 мүрәжат ийесине түсиник жумыслары алып барылды ҳәм 84 пуқараның мүрәжааты унамлы шешимин табыўы ушын қадағалаўға алынған. Район бойынша қанаатландырыў дәрежеси 41,30% пайызды қурайды.

Секторлар кесиминде 1-сектор бойынша жәми 204 мүрәжаттан                          97 мүрәжат (47,5%), 2-сектор бойынша жәми 306 мүрәжаттан 123 мүрәжат
(40,2%), 3-сектор бойынша жәми 272 мүрәжаттан 81 мүрәжат (29,7%),                       4-сектор бойынша жәми 349 мүрәжаттан 132 мүрәжат (37,8%)  қанаатландырылған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәмде секторлар, пуқаралар жыйынлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлер тәрепинен пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларынын барысы үйренип шығылған.

Үйрениў барысында пуқаралардың мүрәжатларын қанаатландырыў дәрежеси жүдә төмен болып қалмақта.

Атап айтқанда, Кегейли районы Мәҳәллебай ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайына жәми 52 мүрәжат келип түскен соннан 33 мүрәжат қанаатландырылған, 6 мүрәжат ийесине түсиник берилген, 7 мүрәжат мәселесине ҳуқуқый тусиник берилген. 6 мүрәжат мәселеси үйренип шығылмақта.

Соннан, “Ийшан-қала”,  “Көк-өзек” аўыл пуқаралар жыйынлары ҳәм “Қуяшлы” мәкан пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшилери тәрепинен үйренилип шығылған мүрәжатлар толық қанаатландырылған болса,  ал  “Абат” АПЖ ҳәким жәрдемшиси тәрепинен 3 мүрәжаттан тек ғана                               1 мүрәжат, “Бахытлы” МПЖ ҳәким жәрдемшиси тәрепинен 8 мүрәжаттан                            4 мүрәжат, “Гүжим терек” МПЖ ҳәким жәрдемшиси тәрепинен 4 мүрәжаттан 2 мүрәжат, “Жаӊабазар” АПЖ ҳәким жәрдемшиси тәрепинен 3 мүрәжаттан                   1 мүрәжат, “Мәденият” МПЖ ҳәким жәрдемшиси тәрепинен 4 мүрәжаттан           2 мүрәжат мәселеси қанаатландырылған.

Буннан тысқары, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерге жиберилген мүрәжатлардыӊ көрип шығылыўы үстинен системалы мониторинг өткерилгенде, Кегейли районы қурылыс бөлими тәрепинен пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларында  бир қатар кемшиликлер орын алып, нызам бузылыўшылық фактлери ушыраспақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде секторлар ҳәм пуқаралар жыйынларында мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Өзбекстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Нызамының 24-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И :

  1. 2023-жыл басынан усы күнге шекемги дәўирде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы М.Арзымбетовтың мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде секторлар ҳәм пуқаралар жыйынларында мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. “Нурлы бостан” ҳәмде “Халқабад” мәкан пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшилериниң искерлигине байланыслы жумысларының бир қанша жақсы жолға қойылғанлығы атап өтилсин;
  3. Кегейли районы қурылыс бөлиминде (Н.Отепова) пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларында бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы өткир сынға алынсын ҳәм кемшиликлерге жол қойып атырған жуўапкер лаўазымлы шахсларды интизамий жуўапкершиликке тартыў мәселесин қарап шығыўды Қарақалпақстан Республикасы қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы министрлигине усыныс етилсин.
  4.  Район ҳәкимлиги, сектор басшылары, пуқаралар жыйынлары, мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәм тийисли тараў басшылары менен биргеликте:

-пуқаралардан келип түскен мүрәжатларды унамлы ҳәм қысқа мүддетлерде орынланыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;

– Өзбекстан Республикасы Президенти Виртуал қабыллаўханасы ҳәм Халық

қабыллаўханаларына келип түсип атырған мүрәжатлардың унамлы шешимин тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды турақлы түрде қадағалаўға алыў;

– пуқаралар мүрәжатларынан келип шығып, анықланған жәрдемге мүтәж пуқараларды қоллап-қуўатлаў,  әсиресе шараяты аўыр болған шаңарақларға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў мәселесине айрықша итибар қаратсын.

  1. Кегейли районы камбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими (Н.Акимниязов):

 

– аймақларда пуқаралар жыйынлары баслықлары тәрепинен пуқаралардың  мүрәжатлары менен ислесиўде жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм алдағы ўақытлары бундай кемшиликлерди болдырмаў бойынша айқын илажлар белгилесин;

– мүрәжатлар менен ислесиўде жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм алдын алыў бойынша алып барылған жумыслар ҳаққында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине жазба түрде мағлыўмат бериў тапсырылсын.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң депутатлары өзлери сайланған округ аймағы пуқараларынан Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы арқалы келип түскен мүрәжатлардың тийисли шөлкемлер тәрепинен орынланыў барысын ҳәр 15 күннен анализлеп, орынланыўы үстинен қатаң депуталық қадағалаўын орнатсын ҳәм әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине жазба мағлыўмат киритип барсын.
  2. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў сектор басшылары ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына жүкленсин.
24.06.2023 10:23:23 81