Бүгин Кегейли районында “Нураныйлар қоры” Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Т.Әбдижаббаров, ϴзбекстан Миллий тикланиш демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Т.Раманов ҳәм Мәденият министри Қ.Турдиевлар нураныйлар менен ушырасты

23.06.2023 18:42:18 165 Баспаға шығарыў

Болып өткен ушырасыўға район ҳәкими Д.Утемуратов,  “Нураныйлар қоры” Кегейли районы бөлими баслығы Т.Давлетов ҳәмде район аймағындағы нураныйлар қатнасты. Ушырасыўда күн тәртибиндеги мәселелер бойынша сәўбетлесилди ҳәм нураныйлардың пикирлери тыңланды.

 

Ушырасыў даўамында Қарақалпақстан Республикасына белгили бақсы жыраўлар атқарыўында жанлы ҳаўаздағы қосықлар жыйналғанлар нәзерине усынылды,  сондай-қа бир қатар нураныйлар “Нураный қоры” тәрепинен сыйлықланды ҳәм ушырасыў бир кесе шай үстинде сәўбет пенен мазмунлы даўам еттирилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң

Мәлимлеме хызмети

 

23.06.2023 18:42:18 166