Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Санаат, транспорт, қурылыс, коммуналлық хожалығы ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Мәжилиске турақлы комиссия ағзалары ҳәм тийисли тараў басшылары қатнасты.
Мәжилис күн тәртибинде:
– Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2021 жыл 9-декабрьдеги “Жаңа Өзбекстан массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПФ-32- санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳақкында”ғы 408-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққында.
– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2023 жыл 26-майдағы “Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023 жыл 10-апрельдеги “Социаллық тараў объектлериниң ысытыў системаларын мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында модернизациялаў туўрысындағы” 118-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында”ғы VI-71-65-13-184-К/23-санлы шешимине өзгерислер киргизиў туўралы мәселелер тақыланды.
Мәжилис күн тәртибиндеги мәселе ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў ҳаққында шешим қабыл етилди.