Белгиленген ис-реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.
Мәжилис күн тәртибинде;
– Кегейли районы ҳәкимлиги, секторлар ҳәмде тийисли тараў басшылары тәрепинен ҳаял-қызлар машқалаларын шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы туўралы есабаты ҳаққында.
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 6275-санлы Пәрманы талапларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Кегейли районы Балалар мәселелери бойынша комиссиясы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында.
– «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққында
Мәжилис күн тәртибиндеги мәселелер ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў бойынша шешим қабыл етилди.