ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ ЖЕТПИС ЕКИНШИ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ƟТТИ.

23.06.2023 16:11:41 190 Баспаға шығарыў

Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары, аймақлардағы ҳәким жәрдемшилери, ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм ғалаба

Сессия күн тәртибинде:

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде секторлар ҳәм пуқаралар жыйынларында мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

– Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2021 жыл  9-декабрьдеги “Жаңа Өзбекстан  массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың  социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПФ-32- санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге  асырылып атырған жумыслардың барысы  ҳаққында.

–  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл  25-октябрьдеги “2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын  жәнеде жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳақкында”ғы   408-санлы қарарында  белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққында.

– Кегейли районы ҳәкимлиги, секторлар ҳәмде тийисли тараў басшылары тәрепинен ҳаял-қызлар машқалаларын шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы туўралы есабаты ҳаққында.

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл
11-ноябрьдеги «2020-2023 жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс социал-экономикалық раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4889-санлы қарарының орынланыў барысы  ҳаққында.

– Кегейли районы ишки ислер бөлими  баслығының район аймағында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайлары бойынша есабаты ҳаққында.

– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2023 жыл  26-майдағы “Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023 жыл 10-апрельдеги  “Социаллық тараў объектлериниң ысытыў системаларын мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында  модернизациялаў туўрысындағы” 118-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында”ғы  VI-71-65-13-184-К/23-санлы шешимине өзгерислер киргизиў туўралы.

– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2023-жыл                            13-марттағы “Кегейли районы аймағынан «Жасыл бағ»лар жойбарын әмелге асырыў ҳәм шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы VI-68-34-13-184-K/23-санлы шешимине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында.

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл
9-августтеги “Бала ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеў системасын жәнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 6275-санлы Пәрманы талапларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Кегейли районы Балалар мәселелери бойынша комиссиясы тәрепинен әмелге асырылып атырған  жумыслары ҳаққында.

– «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққында.

– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2023 жылдың екинши ярым жыллығы ушын мөлшерленген жумысының тийкарғы жөнелислериниң                   ис режеси ҳаққында.

– Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында.

– Кегейли районы ҳәкиминиң сессия аралығындағы қабыл етилген айырым шешимлерин тастыйықлаў ҳаққында.

Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық  мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

23.06.2023 16:11:41 191