БЕЛГИЛЕНГЕН ИС-РЕЖЕ ТИЙКАРЫНДА ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ЖЕРГИЛИКЛИ БЮДЖЕТ, ЭКОНОМИКАЛЫҚ РЕФОРМАЛАРДЫ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎ, ИНВЕСТИЦИЯЛАР ҲӘМ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ БОЙЫНША ТУРАҚЛЫ КОМИССИЯСЫНЫҢ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ.

20.06.2023 17:09:51 232 Баспаға шығарыў

Белгиленген ис-реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.

Мәжилис күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл
11-ноябрьдеги «2020-2023 жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс социал-экономикалық раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4889-санлы қарарының орынланыўы ҳаққындағы мәселе қарап шығылды.

Турақлы комиссия мәжилисинде күн тәртибиндеги мәселе ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў бойынша шешим қабыл етилди.

20.06.2023 17:09:51 233