Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты Н.Аметованың райондағы “Жылўан жап” МПЖ имәратында округ сайлаўшылары менен ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўға нураныйлер, көше бийлери, аймақ турғынлары қатнасты.
Ушырасыў күн тәртибинде;
Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине депутат Н.Аметованың депутатлық ўәкиллигине байланыслы алып барған жумыслары бойынша есабаты ҳаққында.
Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманлары, қарарлары ҳәмде Ҳүкимет қарарларыныӊ мазмуны, әҳмийети ҳәмде олардың орынланыўы бойынша депутатлық қадағалаўдыӊ барысы ҳаққында.
Мәмлекетимизде халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеӯде әмелге асырылып атырған нызамшылық ҳүжжетлериниӊ мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин кең жамийетке түсиндириў ҳаққындағы мәселелер қарап шығылды.
Ушырасыў барысында жыйналғанлар аймақта газ басымының төмен дәрежеде екенлигин айтып өтти. Депутат тәрепинен бул бойынша тийисли уйымларға депутат сораўы менен шығатуғынлығын мәлим етти.