Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм ҳүкиметиниң Өзбекстан Республикасында азық-аўқат қәўипсизлигине байланыслы пәрман, қарар ҳәм бийликлериниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, орынларда бир қанша ислер әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти басшылығы басламасы менен аймақларда халықтың азық-аўқат өнимлерине болған талабын үзликсиз тәмийинлеў, азық-аўқат баҳаларының турақлы түрде сақланыўы бойынша орынларда үйме-үй кирип, оларда аўыл хожалығы өнимлери, шәрўашылық ҳәм қусшылық өнимлериниң жетилистириў жумыслары бойынша инвентаризация өткерилмекте.
Соның ишинде, Кегейли районы “Мәденият” мәкән пуқаралары жыйыны аймағында Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Кегейли районы бөлими, Кегейли районы ҳәким жәрдемшиси ҳәм мәкән пуқаралары жыйыны ақсақалы қатнасында аймақтағы шаңарақлардың азық-аўқат өнимлерин жетистириў процесси бойынша инвентаризация жумыслары әмелге асырылды.
Инвентаризация жумыслары процессинде мәкән пуқаралары жыйыны аймағында жасаўшы пуқара Қ.Нурманов ның жеке қыйтақ жеринде жетилистирилип атырған мийўелер, помидор, қыяр ҳәм басқада өнимлери инвентаризациядан өткерилип, Қ.Нурманов менен сәўбетлесиў барысында ол усы мәўсимде 6 тонна алма, 5 тонна алмурт, 8 тонна помидор, 10 тонна қыяр ҳәм 15 тонна басқада өнимлерди жетистириўди режелестирип отырғанлығын ҳәм Департамент хызметкерлери басламасы менен ҳәзирден баслап жетилистирилип атырған өнимлерди усы аймақтағы азық-аўқат өнимлери саўдасы менен шуғылланыўшы жеке исбилермен Т.Асаматдинов менен дүзилген шәртнама тийкарында оған сатып атырғанлығын билдирди.
Сондай-ақ, усы аймақтағы М.Даулетмуратов тәрепинен үй хожалығы қыйтақ жерлеринде жетилистирилип атырған картошка ҳәм “Биогумус” өнимлери бойынша инвентаризация жумыслары алып барылды. Инвентаризация жумысларында пуқара М.Даулетмуратов өзи тәрепинен
үй хожалығында жетилистирилип атырған “Биогумус” өнимлериниң қәсийети ҳаққында тоқтала отырып, бул өнимниң тәбийий минерал екенлигин ҳәм өним жетистириў процессинде жер ушын әҳмийети жүдә айырықша болыўын айтып өтти.
Аймақта ерик, жүзим, алма, басқада мийўелер ҳәм таўық мәйеклерин жетистирип атырған пуқара Т.Даулетов менен инвентаризация жумыслары барысында сәўбетлескенимизде ол үй хожалығында көп жыллардан берли мийўелер жетистиретуғынлығын, Департамент хызметкерлери басламасы менен ҳәзирден баслап жетилистирилип атырған өнимлерди усы аймақтағы азық-аўқат өнимлери саўдасы менен шуғылланыўшы жеке исбилермен Т.Асаматдинов пенен дүзилген шәртнама тийкарында оған сатып атырғанлығын билдирди.
Буннан тысқары, ыссыхана шөлкемлестирип, редиска, қыяр, помидор ҳәм басқада аўыл хожалығы өнимлерин жетистирип атырған пуқара Х.Есназаровтың қыйтақ жерлериндеги өнимлердиң жетилистириў процесси менен танысылып, оған жетистирилген өнимлерди усы аймақтағы азық-аўқат саўдасы менен шуғылланыўшы исбилерменлер менен шәртнама дүзген ҳалда сатыў ҳәм бул арқалы жүдә көп муғдарда дәрамат табыў усыныс етилди.
Булардан басқа, мәкән пуқаралары жыйыны аймағында аўыл хожалығы өнимлерин жетистирип атырған 116 хожалықларда инвентаризация жумыслары әмелге асырылды.
Инвентаризация даўам еттирилмекте.
Департаменттин КР баскармасы болим баслыгы орынбасары Д.Калмуратов,
Департаменттин Кегейли районы болими баслыгы Г.Бухарбаев