Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары, ҳаял-қызлар белсендилери, жаслар жетекшилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессия күн тәртибинде:
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде секторлар ҳәм пуқаралар жыйынларында мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси ҳаққында.
– Кегейли районы аймағынан дүзилген Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши участкалық сайлаў комиссиялары қурамы бойынша усыныс бериў ҳаққында.
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023 жыл 10-апрельдеги “Социаллық тараў объектлериниң ысытыў системаларын мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында модернизациялаў ҳаққында”ғы 118-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында.
– Кегейли районы әдиллик бөлими баслығының мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлердиң норма дѳретиўшилиги ҳәмде ҳуқықты қоллаў әмелияты аўҳалы туўралы мәмлимлемеси ҳаққында.
– Кегейли районы аймағында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелери ҳәм аймақларда жүз берген жынайый аўҳаллары ҳаққында.
– Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2023 жылдың биринши шерегинде белгиленген дәраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги есабынан анықланған қаржылар ҳәм олардың жумсалыў жөнелислери ҳаққында.
– Кегейли районы санитария эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими баслығының жуғымлы кеселликлерге қарсы гүресиў нәтийжелилигин асырыў, халық арасында саламат турмыс тәризин кең үгит-нәсиятлаў бойынша алып барылып атырған жумыслары бойынша есабаты ҳаққында.
– Кегейли районы ирригация бөлими баслығының суў ресурсларын басқарыў, суў хожалығы объектлариниң техникалық жағдайын жақсылаў, сондай-ақ районда суў тежеўши суўғарыў технологияларын енгизиў жағдайлары бойынша есабаты ҳаққында.
– Кегейли районы мектептен тысқары билимлендириў тараўы жумысларының нәтийжелилигин буннан былайда асырыў илажлары ҳаққында.
– Кегейли районы бойынша “Ҳаяллар дәптери”ниң төртинши басқышы ҳаял-қызлар дизимине қосымшалар киритиў ҳаққында.
– Кегейли районы мәҳәллелер кесиминде жаслар менен мәнзилли ислесиў системасын жаратыў бойынша “Жол карта” ларын тастыйықлаў ҳаққында.
– Кегейли районы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында “Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының ҳәмде тараўға байланыслы қабыл етилген Президент Пәрманлары, қарарлары ҳәм Ҳүкимет қарарлары талапларының орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында.
– «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққында ҳәмде басқада мәселелер көрип шығылды.
Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети