ТУРАҚЛЫ КОМИССИЯ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ.

24.05.2023 18:46:41 96 Баспаға шығарыў

Белгиленген ис-реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.

Мәжилис күн тәртибинде Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2023 жылдың биринши шерегинде белгиленген дәраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги есабынан анықланған қаржылар ҳәм олардың жумсалыў жөнелислери ҳаққындағы мәселе қарап шығылды.

Турақлы комиссия мәжилисинде күн тәртибиндеги мәселе ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў бойынша шешим қабыл етилди.

24.05.2023 18:46:41 97