ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ АГРАР, СУЎ ХОЖАЛЫҒЫ МӘСЕЛЕЛЕРИ ҲӘМ ЭКОЛОГИЯ БОЙЫНША ТУРАҚЛЫ КОМИССИЯСЫНЫҢ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ.

24.05.2023 18:03:24 126 Баспаға шығарыў

Белгиленген ис-реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.

Мәжилис күн тәртибинде Кегейли районы ирригация бөлими баслығының суў ресурсларын басқарыў, суў хожалығы объектлариниң техникалық жағдайын жақсылаў,  сондай-ақ районда суў тежеўши суўғарыў технологияларын енгизиў жағдайлары бойынша есабаты ҳаққындағы  мәселе қарап шығылды.

Турақлы комиссия мәжилисинде күн тәртибиндеги мәселе ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў бойынша шешим қабыл етилди.

24.05.2023 18:03:24 127