ϴзбекстан Республикасының «ϴзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине ɵзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Нызамына киргизилген ɵзгерислерге бола, Миллий гвардия уйымларына майда урлық, суўық қурал ямаса суйық қурал сыпатында пайдаланыўы мүмкин болған затларды алып жүриў, ер жетпеген шахсты ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықты жүзеге келтириўге , жәмәәтлик орынларда алкоголь ɵнимлерин кабыл етиў сыяқлы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар жумысларын кɵрип шығыў, баянламалар дүзиў ҳәм оларды кɵип шығыў ушын судқа жибериўге байланыслы ўәкилликлер берилди.
З.Ережепов,
Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының ишки ислер уйымларында нызамшылықтың орынланыўы бойынша қадағалаў бɵлими баслығы.