КЕГЕЙЛИ: «ШЕТ ТИЛЛЕРИН ОҚЫТЫЎ БОЙЫНША ЕҢ ЖАҚСЫ МЕКТЕП» ТАҢЛАЎЫНДА 3-ОРЫН

18.05.2023 10:39:44 160 Баспаға шығарыў

Агентлик ҳәмде Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң сыйлығы ушын өткерилип атырған «Шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы мектеп» таңлаўының екинши басқышы болып өтти.

⚡️Таңлаў жуўмағына көре Кегейли районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 55-санлы улыўма орта билим бериў (қәнигелестирилген) мектебиниң сайланды командасы Қарақалпақстан Республикасы II-басқышында 3-орынды ийелеп 150 млн сўм сыйлығын жеңип алыўға мияссар болды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

18.05.2023 10:39:44 161