ЖАҢА ЗАМАНАГϴЙ КӘРХАНАҒА МЕДИА-ТУР

25.03.2023 17:56:19 83 Баспаға шығарыў

Ҳүрметли Президентимиздиӊ басшылығында пүткил елимизде, соныӊ ишинде Кегейли районында да халқымыз турмысы ҳәм келешеги менен байланыслы тарийхый ўақыялар жүз бермекте. Соны да айрықша атап өтиў керек, Президентимиздиң тапсырмасы менен Қарақапақстанның бир қатар районларын социаллық, экономикалық жақтан раўажландырыў, хызмет көрсетиў, ислеп шығарыў тараўларын кеңейтиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың абадан турмысын тәмийинлеў мақсетинде республика ўәлаятлары бириктирилген еди. Усы тийкарда ўәлаятлар қәўендерлигинде көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Солар қатарында, Кегейли районына бириктирилген Әндижан ўәлаяты ҳәкими, жуӯаплы хызметкерлер ҳәм   исбилерменлери тәрепинен бир қатар унамлы ҳәм әмелий жумыслар баслап жиберилди.

Олар тарепинен районда  2022-2023-жылларда улыўма баҳасы  608,9 млрд. сўмлық 24 инвестиция жойбарын әмелге асырыўы режелестирлиген болып, бүгинги күнде исбилерменлердиң басламасы менен  40,5 млрд. сўмлық инвестициялар киргизилип, 3 жойбар иске түсирилип,  650 жаңа жумыс орны жаратылды.

Атап айтқанда, солардан бири ўәлаят ҳәкимлиги қәўендерлигинде қурып питкерилген “Aqtuba textil group” кәрханасында бүгинги күнде экспортбап өнимлер ислеп шығарылмақта. Жойбардың улыўма баҳасы 30 млрд сум болып, 500 ҳаял-қызды  турақлы жумыс пенен тәмийинлеў режелестирилген. Ҳәзирги күнде 400 ге жақын ҳаял-қызлар жумыс пенен тәмийинленди. Жойбардын жыллык куўатлылығы 2,4 млн. дана трикотаж өнимлерин ислеп шығарыўға тең.

Кәрхана тәрепинен Россия мәмлекети менен 1 жыллық  шәртнама дүзилип, бүгинги күнде ерлер, ҳаяллар ҳәм балалар кийимлери сапалы етип тигилмекте. Бүгин усы кәрхананың жумыслары менен жақыннан танысыў мақсетинде медиа-тур шɵлкемлестирилип, оған республикамызда орны бар ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўы тәмийинленди.

 

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

 

 

25.03.2023 17:56:19 84