Онда атап ɵтилгениндей, Кегейли районлық медицина бирлеспеси 74 мың 466 халыққа медициналық жәрдем кɵрсетеди.
Кегейли районлық медицина бирлеспесинде ϴзбекистан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 16-октябрьдеги “ϴзбекистан Республикасында тез медициналық жәрдем хызметин жәнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы П№-3973-санлы қарарының орынланыўы бойынша район халқына 1 тез жәрдем кɵрсетип станциясында 2-бригада 5 аўыллық емлеў профилактика мекемелеринде 5 тез медициналық жәрдем кɵрсетиў шахабшалары хызмет кɵрсетеди.
Республика бюджетинен 1 млрд сум ажыратылып, Германия мамлекетинде ислеп шығарылған заманагɵй лапароскоп “ACCERMAN” хирургиялық аппараты алып келинди ҳәм бул лапороскоп аппараты арқалы наўқасларға киши инвазив жоқары технологиялы операциялар (ҳәзирги күнге шекем 2 операция) исленип келмекте. Сондай-ақ, улыўма баҳасы 91700 АҚШ доллоры муғдарында Япония мамлекети гранты утып алыныўға ерисилди ҳәм ҳәзирги күнде бул медициналық аппаратуралар алып келинип бирлеспеге орнатылды. Кегейли районлық медицина бирлеспесиниң 3 қабатлы емлеў имараты 1985-жылы қурылған. Қарақалапақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2021-жыл 4-майдағы №327-санлы қарарына тийкарланып Кегейли районлық медицина бирлеспесиниң 3 қабатлы емлеў имаратына улыўма баҳасы 5 млрд сўмлық ири оңлаў жумыслары алып барылды.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети