Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң мәлимлеме сиясаты ҳәм жергиликли мәмлекетлик органларында әшкаралықты тәмийинлеў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының өз ўәкилликлери шеңберинде алып барып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң мәлимлеме сиясаты ҳәм жергиликли мәмлекетлик органларында әшкаралықты тәмийинлеў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының өз ўәкилликлери шеңберинде алып барып атырған жумыслары туўралы комиссия баслығы Е.Мухамбетовтың есабаты есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң мәлимлеме сиясаты ҳәм жергиликли мәмлекетлик органларында әшкаралықты тәмийинлеў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы (Е.Мухамбетов):
– турақлы комиссия ўәкилликлерин атқарыў бойынша жумысларын белгиленген нызам талаплары тийкарында алып барыў;
– орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша айқын ис-иләжлар ислеп шығыў;
– тастыйықланған ис-реже тийкарында белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;
– Халық депутатлары районлық Кеңеси сессияларында қабыл етилген шешимлердиң орынланыўы бойынша турақлы қадағалаў жумысларын алып барсын.
- Турақлы комиссия тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында ғалаба хабар қуралларында, социаллық тармақларда кең түрде жарытылып барылсын.