Кегейли районы медицина бирлеспеси баслығының бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиў мәкемелеринде медициналық хызметлер нәтийжелилигин асырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Кегейли районы медицина бирлеспеси баслығы М. Досбергеновтың
бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиў мәкемелеринде медициналық хызметлер нәтийжелилигин асырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин. - Районлық медицина бирлеспеси (М.Досбергенов) бирлеспеге қараслы шаңарақлық поликлиникалар ҳәм шаңарақлық шыпакерлик пунктлери басшылары менен биргеликте:
– бирлемши медицина системасында халыққа көрсетилетуғын медицина хызметлерин түптен жақсылаў ҳәм сыпатлы емлениў имканиятларын жаратыў;
– шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникаларда ҳәмде көп тармақлы орайлық поликлиникада күндизги стационар жумыс ўақтын узайттырылған режимде шөлкемлестириў;
– бирлемши медициналық-санитариялық хызмети мәкемелеринен узақ аралықта жайласқан мәҳәллелерде, елатлы пунктлердеги шөлкемлестирилген медициналық пунктлерин зәрүр медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў;
– алыс ҳәм шетки аймақлардағы шаңарақлык шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлык поликлиникаларда ислеп атырған шыпакерлердиң үй-жай шараятын жақсылаў, олардың айлық ис ҳақысына үстемелер төлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылсын, зәрүр жағдайда бул мәселе бойынша район ҳәкимлигине усыныслар киритип барсын.
– алыс ҳәм шетки аймақлардағы емлеў-профилактика мәкемелеринде шыпакерлерге болған зәрүрликлер ҳәм талапларды мәҳәллелер кесиминде турақлы түрде үйренип барыў ҳәм вакант орынларға талабанларды жайластырыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.
– халықты профилактикалық медициналық көриктен өткериў бойынша енгзилген жаңа тәртип тийкарында 18 жастан 40 жасқа шекемги болған шахсларды белгиленген мүддетлерде профилактикалық көриктен өткериўге айрықша итибар қаратыў, қәўипли топарға бейим болған пуқараларды скрининг көриктен ҳәм айрықша итибарға бейим болған кем тәмийинленген жәрдемге мүтәж жасаў шараяты аўыр пуқаралардың уйлерине барып медициналық көриклер шөлкемлестириў;
– аналар ҳәм балалар кеселлениўлериниң алдын алыў, олардың саламатлығын қорғаў, потранаж хызметлери сыпатларын асырыў;
– районлық көп тармақлы орайлық поликлиникасынан «Туўры аўқатланыў ҳәм саламат турмыс тәризи» ханасын талап дәрежесинде үскенелеў, онда ғалабалық үгит-нәсиятлаў ҳәм скрининг илажларын өткериў менен биргеликте саламат турмыс тәризи тийкарлары бойынша индивидуал мәсләҳат бериў системасын енгизиў;
– «Медициналық бригадалар» тәрепинен шаңарақларда саламатлық аўҳалын үйрениў ҳәм кеселликлердиң қәўипли факторларынан келип шығып, тийисли мәсләҳәт ҳәм усыныслар бериўди жолға қойыў;
– емлеў-профилактика мәкемелеринде қан менен тиккелей ислейтуғын кәсип ийелери дизимин қәлиплестириў ҳәм гепатит «В»ға қарсы бийпул емлеў режесин ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;
– ден саўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тастыйықланған медициналық хызметлер дизими тийкарында халыққа пуллы медициналық хызмет көрсетиўди шөлкемлестириў, бунда пуллы хызметлерден түсип атырған қаржылардың ашықлығын ҳәм жәриялылығын тәмийинлеў ҳәм олардың есабын жүргизиў ҳәмде пайдаланыў үстинен нәтийжели қадағалаў орнатсын.
– пуллы хызметлерден келип түскен қаржылар есабынан районлық көп тармақлы орайлық поликлиника медицина хызметкерлерин хошеметлеў илажларын көрсин;
– шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникалардың жумыс нәтийжелилигин баҳалап барыў бойынша жаңа рейтинг системасын енгизиў;
– бунда аймақларда артықша салмақтан қутылыў, туўры аўқатланыў принциплерине әмел қылыў, физикалық белсендиликти асырыў, инфаркт, инсульт, қантлы диабет, онкология киби кеселликлердиң алдын алыў бойынша көрсеткишлер тийкарғы нормалар болатуғынлығы белгилеп қойылсын;
– ҳәр алты айда жоқары нәтийжели көрсеткишлерге ерискен медицина хызметкерлери ҳәмде ең жақсы нәтийже көрсеткен шаңарақлық шыпакерлик пункти ҳәм шаңарақлық поликлиникасы қымбат баҳа саўғалар менен сыйлықланып барылсын.
- Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы Б.Искендеровқа жүкленсин.