Кегейли районы жынаят ислери бойынша суды баслығының 2023 жыл биринши шерегинде әдил судлаўды тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылған жумыслары бойынша мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Кегейли районы жынаят ислери бойынша суды баслығы Р.Бекмуратованың 2023-жылдың биринши шерегинде әдил судлаўды тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылған жумыслары бойынша мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Жынаят ислери бойынша Кегейли районы судына (Р.Бекмуратова) әдил судлаўды тәмийинлеў, пуқаралар ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде олардың нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғалыўын тәмийинлеў жумысларының нәтийжелилигин асырыўға қаратылған иләжларды белгилесин.
- Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары суд тәрепинен өткерилип атырған көшпели суд мәжилислеринде шығарылған уйғарыўлардың кең жәмийетшилик арасында додаланыўын шөлкемлестириў, судлардың қатнасыўында ҳуқықый, үгит-нәсият илажларын турақлы түрде шөлкемлестирип барсын.
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға карсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясы (М.Аймуратов) тараўлар, пуқаралар жыйынлары ҳәм ҳуқық қорғаў органлары ўәкиллери менен биргеликте:
– ҳуқықбузарлықлардың келип шығыў себеплери, оларға шәраят жаратып берип атырған дереклерди үйрениў, ҳәр бир ҳуқықбузарлық жағдайларын аймақлық профилактика инспекторлары, мәҳәлле ҳәм жәмийетшиликтиң кең қатнасыўында сын көз-қараста талқылап барыў;
– жынаятшылықтың алдын алыў, әсиресе жол-транспорт ҳадийселериниң алдын алыў мақсетинде мийнет жәмәәтлеринде, оқыў орынларында жол ҳәрекети қағыйдалары бойынша оқыў-семинарлар шөлкемлестирип барыў тапсырылсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға карсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.