Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары-инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығыныӊ аймаққа инвестициялар киргизиў ҳәм инвестиция жойбарларын әмелге асырыў барысы туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары-инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығы А.Аманбаевтың аймаққа инвестициялар киргизиў ҳәм инвестиция жойбарларын әмелге асырыў бойынша 2023 жылдың биринши шерегинде әмелге асырылып атырған жумысларының барысы туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Кегейли районы инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими тәрепинен аймаққа инвестициялар киритиў ҳәм инвестиция жойбарларын әмелге асырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары еледе жеткиликсиз екенлиги атап өтилсин ҳәм жумысларында қәте-кемшиликлерге ҳәм арқайынлыққа жол қойып атырғанлығы ушын бөлим баслығы А.Аманбаев қатаң ескертилсин.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими (А. Аманбаев) тийисли тараў басшылары менен биргеликте:
– Қарақалпақстан Республикасында 2023-2024 жылларда әмелге асырылатуғын жаңа инвестиициялық жойбарларының 2023-жыл ушын белгиленген жойбарлардың тастыйықланған тармақ кестеси тийкарында өз мүддетлеринде иске түсирилиўин тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин ҳәм әмелге асырсын;
– инвестиициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими басламасы менен хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў, аўыл хожалығы, шарўашылық өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў ҳәмде басқа да ислеп шығарыўға байланыслы жаңа жойбарларды шөлкемлестириў бойынша айқын илажлар белгилесин;
– әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында ҳәр шеректиң жуўмағы менен Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси сессиясында есабат берип барыўға миннетленсин.
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң депутатларына аймақлардағы инвестиция жойбарларының орынланыўы үстинен қатаң депутатлық қадағалаў орнатыў тапсырылсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм оны орынлаў, экономикалық реформаларды әмелге асырыў ҳәмде исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына ҳәмде тараўлар бойынша район ҳәкиминиң орынбасарларына жүкленсин.