ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде секторлар ҳәм пуқаралар жыйынларында мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

15.05.2023 19:23:45 97 Баспаға шығарыў

2023 жыл 3 айы даўамында Президент почтасы, көшпели қабыллаўлар, секторлардың көшпели қабыллаўлары, исеним телефонлар, веб сайт арқалы ҳәмде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасына жәми 613 мүрәжат келип түскен, соннан 248 мүрәжат ийеси толық қанаатландырылған, 119 мүрәжат ийесине ҳуқуқый мағлыўмат бериў арқалы шешилген, 1 мүрәжат мәселеси тамамланған, 1 мүрәжат мәселеси бийкар етилген, 221 мүрәжаат ийесине түсиник жумыслары алып барылды ҳәм 23 пуқараның мүрәжааты унамлы шешимин табыўы ушын қадағалаўға алынды. Район бойынша қанаатландырыў дәрежеси 42,0% пайызды қурайды.

Секторлар кесиминде 1-сектор бойынша жәми 119 мүрәжаттан                          60 мүрәжат (51,3%), 2-сектор бойынша жәми 152 мүрәжаттан 76 мүрәжат
(51,4%), 3-сектор бойынша жәми 145 мүрәжаттан 43 мүрәжат (30,5%),                       4-сектор бойынша жәми 197 мүрәжаттан 69 мүрәжат (37,5%) пайыз қанаатландырылған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәмде секторлар, пуқаралар жыйынлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлер тәрепинен пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў жумыысларынын барысы үйренип шығылған.

Үйрениў барысында пуқаралардың мүрәжатларын қанаатландырыў дәрежеси жүдә төмен болып қалмақта.

Атап айтқанда, Кегейли районы ҳакимлигинде 187 мүрәжаттан 72 (38,5%) мүрәжат, “Қарақалпақ суў таъминат” ЖШЖ Кегейли районы бөлиминде (А.Таўбаев) 43 мүрәжаттан 11 (25,6%) мүрәжат, Кегейли районы Мәмлекетлик салық инспекциясында (М.Асаматдинов) 38 мүрәжаттан
32 (84,2%) мүрәжат, Кегейли районы медицина бирлеспесинде (М.Досбергенов),  35 мүрәжаттан 36 (74,3%) мүрәжат, Кегейли районы Ишки ислер бөлиминде (Н.Адилбеков) 35 мүрәжаттан 22 (62,8%) мүрәжат, Кегейли районы прокуратурасында (И.Абдуллаев) 26 мүрәжаттан 12 (46,1%) мүрәжат, Бюджетдан тысқары пенсия жамғармасы Кегейли районы бөлиминде (А.Қарабеков) 24 мүрәжаттан 1 (4,2%) мүрәжат, Мәҳәлле ҳәм нураныйлерди қоллап-қуўатлаў бөлиминде (Т.Давлетов) 24 мүрәжаттан 6 (10,41%) мүрәжат,

 

 

Кегейли районы электр тармақлары кәрханасынан (Ж.Ембергенов)
24 мүрәжаттан 10 (41,7%) мүрәжат, Кегейлитумангаз бөлиминен (С.Нызанов) 21 мүрәжаттан 10 (47,6%) мүрәжат, Мәжбурий орынлаў бюросы Кегейли район бөлиминен (И.Хожаниязов) 7 мүрәжат келип түскен болса соннан 2 мүрәжат, Кегейли районы халық билимлендириў бөлиминен жәми 16 мүрәжат келип түскен болса соннан 6 мүрәжат мәселеси қанаатландырылған,
5 мүрәжат ийелерине түсиник берилген, 5 мүрәжат мәселесине көрип шығылмақта, Кегейли районы телекоммуникация байланысына жәми 1 мүрәжат келип түскен болса соннан 1 мүрәжат мәселеси қанаатландырылған, Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районы бөлимине жәми
3 мүрәжат келип түскен болса соннан 2 мүрәжат мәселеси қанаатландырылған, 1 мүрәжат мәселесине ҳуқуқый мағлыўмат бериў арқалы шешилген, Халық банк Кегейли филиалына жәми 8 мүрәжат келип түскен болса соннан 5 мүрәжат мәселеси қанаатландырылған, 1 мүрәжат ийесине түсиник берилген, 1 мүрәжат мәселесине ҳуқуқый мағлыўмат бериў арқалы шешилген, 1 мүрәжат мәселесине көрип шығылмақта,Кегейли районы Мектепке шекемги билимлендириў бөлимине жәми 13 мүрәжат келип түскен болса соннан 1 мүрәжат мәселеси қанаатландырылған, 4 мүрәжат ийелерине түсиник берилген, 8 мүрәжат мәселеси көрип шығылмақта, Кегейли районы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими 32 мүрәжаттан 7 (21,9%) мүрәжат унамлы шешилген.

Мәҳәллердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен аймақларда әмелге асырылып атырған жумыслар  ҳәм пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў жумыслары жүзесинен өткерилген мониторинг нәтийжелерине көре «Абат» аўыл пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси (А.Баймуратов),  «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси (Б.Ембергенов), «Бахытлы» макан пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси (А.Есемуратов), «Гужим терек» макан пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси (Н.Асқарбаев), «Жылўан жап» макан пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси (Д.Жалимбетов),  «Жузим бағ» аўыл пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси (А.Магзамов), «Маденият» макан пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси (М.Оразалиев), жумысларында бир қатар қәте-кемшиликлердиң орын алып атырғанлығы анықланған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде секторлар ҳәм пуқаралар жыйынларында мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Өзбекстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Нызамының 24-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И :

  1. 2023-жылдың 3 айы даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы М.Арзымбетовтың мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде секторлар ҳәм пуқаралар жыйынларында мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. 2023-жылдың 3 айы даўамында:

– Кегейли районы салық инспекциясында (М.Асаматдинов), районлық медицина бирлеспесинде (М.Досбергенов), районлық ишки ислер бөлиминде (Н.Адилбеков) пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларының  бир қанша жақсы жолға қойылғанлығы атап өтилсин;

 

– Бюджетдан тысқары пенсия жамғармасы Кегейли районы бөлиминде (А.Қарабеков), “Қарақалпақ суў таъминат” ЖШЖ Кегейли районы бөлиминде (А.Таўбаев), шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминде (Г.Хожамбергенова) пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларында қәте-кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы  өткир сынға алынсын ҳәм орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.

  1. «Абат» аўыл пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси А.Баймуратов, «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси Б.Ембергенов, «Бахытлы» макан пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси А.Есемуратов, «Гужим терек» макан пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси Н.Асқарбаев, «Жылўан жап» макан пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси Д.Жалимбетов, «Жузим бағ» аўыл пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси А.Магзамов, «Маденият» макан пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси М.Оразалиевлардың өз ўазыйпаларын атқарыў бойынша әмелге асырып атырған жумыслары жеткиликсиз деп табылсын.
  2.  Район ҳәкимлиги, сектор басшылары, пуқаралар жыйынлары, мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәм тийисли тараў басшылары менен биргеликте:

-пуқаралардан келип түскен мүрәжатларды унамлы ҳәм қысқа мүддетлерде орынланыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;

– Өзбекстан Республикасы Президенти Виртуал қабыллаўханасы ҳәм Халық

қабыллаўханаларына келип түсип атырған мүрәжатлардың унамлы шешимин тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды турақлы түрде қадағалаўға алыў;

– пуқаралар мүрәжатларынан келип шығып, анықланған жәрдемге мүтәж пуқараларды қоллап-қуўатлаў,  әсиресе шараяты аўыр болған шаңарақларға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў мәселесине айрықша итибар қаратсын.

  1. Кегейли районы камбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими (Н.Акимниязов):

– аймақлардағы ҳәким жәрдемшилери тәрепинен пуқаралардың  мүрәжатлары менен ислесиўде жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм алдағы ўақытлары бундай кемшиликлерди болдырмаў бойынша айқын илажлар белгилесин;

– мүрәжатлар менен ислесиўде жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм алдын алыў бойынша алып барылған жумыслар ҳаққында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине жазба түрде мағлыўмат бериў тапсырылсын.

  1. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў сектор басшылары ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына жүкленсин.
15.05.2023 19:23:45 98