“Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасының нызамының 24-статьясының 12-хат басына муўапық, сондай-ақ Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 9-Нөкис сайлаў округинен депутат Төрениязов Жеңисбай Пирниязовичтиң депутатлық ўәкиллигин мүддетинен бурын тоқтатыўын сорап жазған арзасын қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 9-Нөкис сайлаў округинен депутат Төрениязов Жеңисбай Пирниязовичтиң өз арзасына тийкар депутатлық ўәкиллиги мүддетинен бурын тоқтатылсын.