ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 11 ноябрьдеги “2020–2023 жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-4889-санлы қарарының орынланыўы бойынша белгиленген объектлерде әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумысларының барысы туўралы есабаты ҳаққында.

04.04.2023 19:14:21 80 Баспаға шығарыў

Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 11 ноябрьдеги “2020–2023 жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-4889-санлы қарарының орынланыўы бойынша белгиленген объектлерде әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумысларының барысы туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М  Е Т Е Д И:

 

  1. Кегейли районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары Қ.Атамуратовтың Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 11 ноябрьдеги “2020–2023 жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-4889-санлы қарарының орынланыўы бойынша белгиленген объектлерде әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумысларының барысы туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги (Қ.Атамуратов) тийисли тараў басшылары менен биргеликте:

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 11 ноябрьдеги “2020–2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-4889-санлы қарарының орынланыўы бойынша 2023-жыл ушын белгиленген объектлерде әмелге асырылатуғын қурылыс-оңлаў жумысларын өз мүддетлеринде ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў бойынша айқын ис-илажлар белгилеў;

– қарарда белгиленген объектлерде алып барылатуғын реконструкция қылыў ҳәм

 

 

 

 

оңлаў жумысларында қаласазлық жумысларын техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлерге әмел қылыныўы бойынша қадағалаў жумысларын алып барыў;

– белгиленген объектлердеги әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумысларының барысы бойынша ҳәр шеректе Халық депутатлары районлық Кеңеси сессияларында есабат берип барыў ўазыйпалары тапсырылсын.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатларына Бағдарлама шеңберинде мәнзилли дизимге муўапық объектлерде әмелге асырылатуғын қурылыс-оңлаў жумыслары үстинен турақлы түрде депутатлық қадағалаў орнатсын.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова), “Кегейли турмысы” газетасы редакциясы (Е.Мухамбетов) менен биргеликте қарарда белгиленген район аймағындағы белгиленген объектлердеги әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумысларының барысын ғалаба хабар қуралларында кең жарытып барсын.
  3. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Санаат, транспорт, қурылыс, коммуналлық хожалығы ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына ҳәм район ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасарына (Қ.Атамуратов) жүкленсин.
04.04.2023 19:14:21 81