ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ:Кегейли районы ҳәкиминиң жаслар машқалаларының ҳал етилиўине көмеклесиў, жас әўладтың талантын ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў бойынша қосымша шарт-шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.

04.04.2023 19:09:30 75 Баспаға шығарыў

Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен жаслар машқалаларының ҳал етилиўине көмеклесиў, жас әўладтың талантын ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў бойынша қосымша шарт-шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты ҳаққында” ғы Нызамның 21-статьясына муўапық, Халық депутатлары Кегейли районлық  районлық Кеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратовтың Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен жаслар машқалаларының ҳал етилиўине көмеклесиў, жас әўладтың талантын ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў бойынша қосымша шарт-шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырып атырған жумыслары туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлигине:

– жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыў бойынша қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң, мәмлекетлик бағдарламалардың  избе-из орынланыўын тәмийинлеў бойынша айқын иләжлар белгиленсин;

– жәмлеспеген жаслар арасынан социаллық қорғаӯға мүтәж жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша олардың бәнтлигин тәмийинлеў, кәсип-өнерге, исбилерменликке оқытыў, бизнес басламаларын қоллап-қуўатлаў, социаллық жақтан қорғалыўын күшейтиў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;

-ҳәр айда район ҳәкимлигинде өткерилетуғын мәжилисте жаслар машқалаларының ҳал етилиўине көмеклесиў, жас әўладтың талантын ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў бойынша қосымша шарт-шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылған жумыслары ҳаққындағы мәселе сын көз-қараста талқыланып барылсын;

– “Жаслар дәптери” дизимине киритилген жаслардың машқалаларын ҳал қылыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақлардың перзентлерин қоллап-қуўатлаў бойынша изшил жумысларды әмелге асырып барсын.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына, районлық Кеңес депуталарына жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыў бойынша қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң, мәмлекетлик бағдарламалардың өз ўақтында орынланыўы үстинен турақлы түрде депутатлық ҳәм жәмийетшилик қадағалаўын алып барсын.
  2. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.
04.04.2023 19:09:30 76