Корея Республикасы делегациясы Кегейлиде

12.05.2023 10:11:13 154 Баспаға шығарыў

Корея халықаралық бирге ислесиў Агентлиги (KOICA) ҳәм Глобал жасыл  ɵсиў инстутуты (GGGI) тәрепинен қаржыландырылған «Арал теңизи апатшылығының тәсирин сапластырыў ушын Қарақалпақстан Республикасын жасыл реабилитациялаў инвестициялық жойбары» Қарақалпақстан Республикасы аймағын жасыл реабилитациялаўға ɵз үлесин қосыўшы жойбар болып, климаттың ɵзгериўине шыдамлы агробизнес моделлери тийкарында турақлы күн кɵристи тәмийинлеўге қаратылған.Бүгин усы жойбар бойынша жумысларды қаржыландырыў ҳәм орынланатуғын жумыслар менен танысыў мақсетинде Корея Республикасы Миллий Ассамблясының Қоршаған орталық ҳәм мийнет бойынша комитети баслығы Chung Xe Chul басшылығындағы делегация Кегейли районында болып, олар дәслеп райондағы 14-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде “Климат өзгериўи ҳәм Арал бойы регионы” атамасында семинар өткерди. Оннан соң, райондағы академик Махмуд Мирзаев атындағы бағшылық, жүзимшилик ҳәм виношылық илим-изретлеў институты Қарақалпақ илимий тәжирийбе станциясында Республикамыздың кескин ɵзгериўшең  климаты, топырақтың күшли шорланыўы, суў ресурсларының шекленгенлиги ҳәм басқада тәбияттың қолайсыз факторларына бийимлескен мийуе нәллерин жетистириў бойынша жаңа агротехнологиялары тийкарында мийўе нәллерин жетистириўде әмелге асырылып атырған әмелий ҳәм илимий жумыслар менен танысты. Сондай-ақ, делегация ағзалары Жүзимбағ АПЖ аймағында фермер хожалықлары атызлары шетлерине самалдан қорғаўшы қаратал нәллерин егиў ҳәм өсириў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды көзден өткерип, усы аймақта Арал теңизи апатшылығының тәсирин сапластырыў ушын ҚР да жасыл реабилитациялаў инвестиция жойбары тийкарында шөлкемлестирилген “Agroimpex” фермер хожалығының жумыслары менен танысып, хожалық майданына мийўе нәлин егиў жумысларына қатнасты.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

12.05.2023 10:11:13 155