Инсан қәдири ушын

12.05.2023 10:10:12 120 Баспаға шығарыў

Мәмлекетимиз сиясатының баслы идеясына айланған бул түсиник негизинде алып барылып атырған реформалар пуқараларымыз турмысында ɵзиниң унамлы нәтийжелерин бермекте. Әсиресе, халық арасына кирип, олардың машқалаларына шешим табыў бүгин ҳәр бир басшының тийкарғы приципине айланған.

Усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановтың қала ҳәм районларға көшпели қабыллаўлары режеси ислеп шығылған болып, көшпели қабыллаўдың бүгинги мәнзили Кегейли районы болды. Қабыллаў даўамында районның барлық аймақларынан келген пуқаралар менен жүзбе-жүз сәўбетлесилип, олардың мәселелерин унамлы шешиўге айрықша итибар қаратылды. Қабыллаўлар болса даўам  етеди.

12.05.2023 10:10:12 121