Депутаттың жәрдеми менен…

10.05.2023 15:29:51 127 Баспаға шығарыў

Кегейли районы “Абат” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Байымбет аўыл, Алтын пышақ, Гɵбдир ҳәм ϴмир кенегес аўыллары  турғынлары Өзбекстан Республикасы Олий Мажилис Нызамшылық палатасы депутаты  Л.Сейтоваға үй алды қыйтақ жерлерди суў менен тәмийинлеў ушын насос алыўда әмелий жәрдем сорап мүрәжат еткен еди. Мүрәжат бойынша депуттаттың басламасы менен қәўендерлик қаржылары есабынан 4 дана суў насослары алып келип берилди . Әмелий жәрдемниң нәтийжесинде 400 ге жақын  хожалықтыӊ үй алды қыйтақ жерлерине суў жетип баратуғын болды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

10.05.2023 15:29:51 128