Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2023-жылғы параметрлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында.

08.04.2023 11:17:29 78 Баспаға шығарыў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2022 жыл
30-декабрьдеги 300/XL-санлы қарарына муўапық ҳәмде Кегейли районлық финанс бѳлиминиң 2023-жыл 16-марттағы01-35-212/20-02-38/25-санлы хатын инабатқа алып ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Кегейли районлық финанс бѳлиминиң 2023-жыл 16-марттағы 01-35-212/20-02-38/25-санлы-санлы хаты инабатқа алынсын.
  2. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2023 жыл 21-февральдағы VI-67-25-13-184-K/23-санлы шешиминиң 1, 2, 3, 4- қосымшаларына тѳмендегише өзгерислер киритилсин:

– Кегейли районы бюджети дәраматларының 2023-жылдағы прогноз көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық;

– Кегейли районы район бюджетинен 2023-жылғы жергиликли бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылатуғын қәрежетлердиң улыўма шекленген муғдарлары 2-қосымшаға муўапық;

– 2023-жыл ушын район жергиликли бюджетиниң дәраматлары ҳәмде қәрежетлериниң шекленген муғдарлары 3-қосымшаға муўапық;

– 2023-жыл район жергиликли бюджетлерине ажыратылатуғын тәртипке салыўшы бюджетлерара трансферт муғдары 4-қосымшаға муўапық өзгерислер киритилсин;

– 2023-жыл Кегейли районы ҳәкимлигиниң сақлаўлы қоры муғдары
5-қосымшаға муўапық;

– Кегейли районы район бюджетиниң 2023 жыл ушын жол қойылатуғын ең кем қаржылар муғдары 6-қосымшаға муўапық;

– Тәртипке салыўшы дәраматлардан Кегейли районының бюджетине ажыратпаларының нормативлери 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги (М.Ниязов) районлық финанс бөлими (Д.Ибрагимов):

– жергиликли бюджет қәрежетлериниң тастыйықланған көрсеткишлериниң толық орынланыўын тәмийинлесин;

– бюджет  қаржыларының мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўы ҳәм бюджет интизамына әмел етиўи үстинен қатаң қадағалаў орнатсын;

  1. Халық депутатлары районлық Кеңеси жергиликли бюджет қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша турақлы түрде қадағалаў орнатып, жергиликли бюджет дәраматлары прогноз көрсеткишлериниң орынланыў барысы ҳәр шеректе сессияларда терең талқыланып барылсын.
  2. Усы шешим «Кегейли турмысы» газетасында рәсмий жәриялансын ҳәмде ҳәкимликтиң рәсмий веб-сайтында жайластырылсын.
  3. Усы шешим рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
  4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына ҳәм Кегейли районы ҳәкимлигине жүкленсин.
08.04.2023 11:17:29 79