Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-апрельдеги “Бюджет процессинде пуқаралардың белсенди қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-5072-санлы қарары хаққында

04.05.2023 15:16:34 295 Баспаға шығарыў

Ҳүрметли Президентимиздиң 2021-жыл 13-апрельдеги “Бюджет процессинде пуқаралардың белсенди қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-5072-санлы қарары тийкарында Өзбекистан Республкасы Финанс министрлиги тəрепинен интернет тармағында “Ашық бюджет” мәлимлеме порталы жолға қойылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 13-апрелдеги
ПҚ-5072-санлы қарарына тийкар, Кегейли районы пуқараларыныӊ машқалалары бойынша усынысларды қаржыландырыў ушын 2023-жыл басынан қалдық
549,9 млн. сум, район бюджети есабынан 2 млрд. 903,8 млн.сўм қаржы ажыратылған ҳәмде Кегейли районы бюджетиниӊ қосымша дереклери есабынан 16,0 млн.сўм қаратылып, “Фуқаролар ташаббуси жамғармаси” арнаўлы қазна есап бетинде жәми 3 млрд. 924.4 млн.сўм қаржы ажыратылған, Қаржы министрлиги тәрепинен ашылған
“Ашық бюджет” openbudget.uz мәлимлеме порталында 2023-жыл 6-февральдан
26-февральга шекем болған дәўирде районымыз пуқаралары тәрепинен жәми
82 млрд. 558.6 млн.сумлық 155 усыныс келип түсип ҳәм усыныслар исши комиссияныӊ 2023-жыл 18-март күнги 01-03/32-санлы протоколына тийкар усыныслар комиссия ағзалары тәрепинен жойбар ҳүжжетлери көрип шығылды
ҳәм төмендегилер мәлим болды, 27 усыныслар дәстурге киритилген хамде кайта такирар бир нешше мәрте берилгенлиги себебли қабылланбаған ҳәм қабылланбаған усыныслар бойынша усыныс берген пуқаралардыӊ жеке кабинетине қабылланбаў себеплери ҳаққында хабарнама жиберилген.

Таӊлап алынған 60 млрд. 539.6 млн. сумлық 127 усыныслар жәмийетшилик ортасында жигирма күн даўамында даўыс бериў процесси болып ҳәм даўыс бериў дәўири усы жылдыӊ 18-марттан 7-апрельге шекем етип белгиленген еди.

Пуқаралар тәрепинен даўыс бериў процессинде рухсат етилген, 127 усынысқа жәми 35 761 даўыс берилген.

Даўыс бериў жуўмағы бойынша, жамғармада қәлиплестирилген қаржылар шеӊберинде еӊ көп даўыс жыйнаған усыныслар, жеӊимпаз деп таўылады ҳәм усынысларға берилген даўыслар санынан келип шығып жоқарыдан төменге қарай сайлап алынып, 6 усыныс “Жеӊимпаз” деп таўылды, усы усыныслардыӊ баҳасы
3 млр. 877.6 млн.сумды қурады.

Соныӊ менен бирге косымша ретинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 10-апрельдеги “Ашық бюджетлестириў әмелиятын жәнеде шөлкемлестириў ҳәмде белсенди маҳаллелерди қоллап-қуўатлаў
ис-илажлары ҳаққында” ғы ПҚ-117-санлы қарарының 1-қосымшасына тийкар ашық бюджет процеслеринде ҳәр бир 2 мыңнан артық даўыс топлаған, бирақ жеңимпаз болмаған усынысты әмелге асырыў ушын қосымша қаржы ажыратылатуғынлығы көрсетилген.

Усы тыйкарында “Жалпақ жап” АПЖ аймағына қараслы “Бақcы қараған” көшесине 4,0 км аралыққа ШПС төсеў усынысы киргизилди. Соныӊ менен жәми
7 усыныс “Жеӊимпаз” деп таўылды, усы усыныслардыӊ қаржыландырыў баҳасы
4 млр. 777.6 млн.сўмды қурамақта.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

04.05.2023 15:16:34 296