ТУРАҚЛЫ КОМИССИЯ МӘЖЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ

03.05.2023 15:59:57 83 Баспаға шығарыў

Белгиленген ис-реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.
Мәжилис күн тәртибинде;
– Кегейли районы медицина бирлеспеси баслығының бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиў мәкемелеринде медициналық хызметлер нәтийжелилигин асырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.
– «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққында.
Мәжилис күн тәртибиндеги мәселелер ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў бойынша шешим қабыл етилди.

03.05.2023 15:59:57 84