Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси баслығы Д.Утемуратов алып барды.
Сессия күн тәртибинде:
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде секторлар ҳәм пуқаралар жыйынларында мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси ҳаққында;
– Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары-инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығыныӊ аймаққа инвестициялар киргизиў ҳәм инвестиция жойбарларын әмелге асырыў барысы туўралы есабаты ҳаққында;
– Кегейли районы жынаят ислери бойынша суды баслығының 2023 жыл биринши шерегинде әдил судлаўды тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылған жумыслары бойынша мәлимлемеси ҳаққында;
– Кегейли районлық ишки ислер бөлими баслығының 2023-жылдың биринши шерегинде район аймағында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайлары туўралы есабаты ҳаққында;
– Аймақларды социаллық–экономикалық раўажландырыўға қаратылған жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген ҳәм даўыс бериў нәтийжелери менен таңлап алынған илажларды қаржыландырыў ҳаққында;
– Кегейли районы медицина бирлеспеси баслығының бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиў мәкемелеринде медициналық хызметлер нәтийжелилигин асырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында;
– Кегейли районлық мәмлекетлик салық инспекциясы баслығыныӊ
2023 жылдың биринши шерегинде жергиликли бюджет дараматларыныӊ орынланыў жағдайлары ҳәм қосымша резервлерди анықлаў бойынша алып барылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында;
– Кегейли районлық финанс бөлими баслығының 2023-жылдың биринши шерегинде жергиликли бюджет параметрлериниң орынланыўы туўралы есабаты ҳаққында.
– «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққында;
– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң мәлимлеме сиясаты ҳәм жергиликли мәмлекетлик органларында әшкаралықты тәмийинлеў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының өз ўәкилликлери шеңберинде алып барып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында ҳәмде басқада мәселелер көрип шығылды.
Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети