«Жасыл экономика» технологияларын барлық тараўларға енгизиў бойынша әмелге асырылған жумыслар бойынша» баспасɵз конференциясы болып ɵтти

29.04.2023 11:04:55 93 Баспаға шығарыў

Кегейли районы ҳәкимлигинде район ҳәкиминиң биринши орынбасары М.Ниязовтың қатнасыўында «Халықты электр энергиясы менен үзликсиз тәмийинлеў ҳәмде «Жасыл экономика» технологияларын барлық тараўларға енгизиў бойынша әмелге асырылған жумыслар бойынша» баспасɵз конференциясы болып ɵтти.

Онда атап ɵтилгениндей,  Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2023-жыл 16-февралдағы “2023-жылда қайта тиклениўши энергия дереклерин ҳәм энергия тежеўши технологияларды енгизиўди жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында” ғы ПҚ-57-санлы қарары қабыл етилди. Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў  мақсетинде, социаллық ҳәм үй-жай коммунал тараўларында ҳәм де экономикалық тармақларда қайта тиклениўши энергия дереклерин кеңнен  енгизиў ҳәм энергия нәтийжелилигин асырыў арқалы аймақта электр энергиясы жетиспеўшилигиниң алдын алыў ушын Кегейли районында қуяш панелин орнатыў жумыслары алып барылмақта.

Район аймағындағы “Темир дәптер” дизимине киргизилген 14 шаңараққа бийпул қуяш панеллерин орнатыў жумыслары алып барылды. Ал райондағы барлық социаллық тараў обеъектлери имаратларына қуяш пәнеллери орнатылып, жеке хожалықларға орнатыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

29.04.2023 11:04:55 94