Бүгин Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлис Сенаты Баслығы Танзила Нарбаева Кегейли районында болды. Сапар даўамында дәслеп, Бахытлы МПЖ аймағындағы Захириддин Мухаммед Бабур атындағы Мәлимлеме китапхана орайында район белсендилери, кәрхана, шөлкем басшылары ҳәм депутатлар менен ушырасыты.
Ушырасыў даўамында еӊ дәслеп мәмлекетимизд халықтың пәраўан турмысын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған реформалардың натийжелилиги ҳаққында сөз етти. Соныӊ менен санаўлы күнлерден кейин, яғный, 30-апрел күни респаубликамызда болып өтетуғын референдум процесслери ҳәм ондагы тийкарғы итибар қаратылыўы лазым болған Жаңа конститутсияға киргизилген үлкен өзгерислер ҳаққында кеӊ түрде мағлыўмат берди.
Буннан соӊ, Ақтуба АПЖ аймағында бой тиклеп өз жумысын баслаған “Aqtuba textil group” кәрханасыныӊ жумыслары менен жақыннан танысты.
Мағлыўмат орнында атап өтетуғын болсақ, кәрханада бүгинги күнде экспортбап өнимлер ислеп шығарылмақта. Жойбардың улыўма баҳасы 30 млрд сўм болып, 500 ҳаял-қызды турақлы жумыс пенен тәмийинлеў режелестирилген. Ҳәзирги күнде 400 ге жақын ҳаял-қызлар жумыс пенен тәмийинленди. Жойбардын жыллык куўатлылығы 2,4 млн. дана трикотаж өнимлерин ислеп шығарыўға тең.
Сенат Баслығыныӊ кейинги мәнзили район орайындағы 14-санлы улыўма орта билим бериў мектеби болды. Бул мектепте шөлкемлестирилген «Кәсипке окытыў орайы»ныӊ жумыслары менен танысты. Мектепте жасларды кәсипке бағдарлаў бойынша әмелге асырылған жумысларды жоқары баҳалады. Ушырасыў даўамында сенат баслығы мектеп жәмәәти ҳәм оқыўшылар менен сәўбетлести.
Усы күни Сенат Баслығы Т.Нарбаева Нурлы бостан мәҳәллесиниӊ нураныйлары, ҳаял-қызлары ҳәм белсендилери менен ушырасып, олар менен бүгинги жәмийетимиздеги унамлы өзгерислер бойынша сәўбетлесип, пикир ҳәм усынысларын тыӊлады.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети