Кейинги жылларда мәмлекетимизде мәжбүрий мийнетке шек қойыў, атап айтқанда, педагог хызметкерлериниң ѳз хызмет ўазыйпалары менен байланыслы болмаған жумысларға тартыў жағдайларына қарсы гүресиў нәтийжелигин асырыўға қаратылған нызам ҳүжжетлери ҳәмде оларды әмелге асырыў механизимлерин жеделлестириўге айрықша итибар қараталмақда.
Бирақ, педагог хызметкерлерин олардың қасиплик искерлиги менен байланыслы болмаған ис-иләжларға қатнастырыў жағдайлары даўам етип келмекте.
Сонлықтан, Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл
27-март күнги ѲРН-826-санлы «Педагог хызметкерлериниң хызмет ўазыйпаларын орынлаўға тосқынлық етиў ушын жуўапкершиликтиң күшейтирилиўине байланыслы Жынаят Кодексине ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымша ҳәм ѳзгерислер киритиў ҳаққында»ғы ҳәмде ѲРН-827-санлы «Медицина хызметкерлериниң нызамлы медициналық искерлигине тосқынлық етиў ушын жуўапкершиликтиң күшейтирилиўине байланыслы Ѳзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымша ҳәм ѳзгерислер киритиў ҳаққында»ғы нызамлары қабыл етилди.
Бул қосымша ҳәм ѳзгерислер менен Ѳзбекстан Республикасы Жынаят кодексине педагог хызметкерлерди мәжбүрий мийнетке мәжбүрлегенлик ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин тап усы қылмысты тәкраран ислегенлик ушын жынаый жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы норма киритилмекте. Буннан тысқары, Ѳзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте педагог хызметкерлерди мийнетке мәжбүрлегенлик, сондай-ақ, олардың кәсиплик искерлигине нызамға қайшы рәўиште араласқанлық ушын жуўапкершиликтиң күшейтирилиўи нәзерде тутылмақта.
Бул нызам менен Ѳзбекстан Республикасы Жынаят кодекси
1482-статьясы үшинши бѳлим менен тѳмендеги мазмунда толтырылды.
«Мийнетке қандайда бир формада мәжбүрлеў, буннан нызамда белгиленген жағдайлар тысқары, билимлендириў шѳлкемлериниң педагог хызметкерлерине қарата тап усындай қылмыс ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин исленген болса, —
Базалық есаплаў муғдарының бир жүз елиў есесинен еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма яки үш жылға шекем белгили бир ҳуқықтан айырыўға ямаса үш жылға шекем мийнет дүзетиў ислери менен жазаланады.
Ѳзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси 51-статьясы тѳмендеги мазмундағы екинши бѳлим менен толтырылды:
«Тап усындай ҳуқықбузарлық билимлендириў шѳлкемлериниң педагог хызметкерлерине қарата исленген болса, —
Базалық есаплаў муғдарының бир жүз есессинен бир жүз елиў есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болады;
Сондай-ақ, Ѳзбекстан Республикасы ѲЗН-827-санлы нызамы менен Ѳзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси 1977-статьясы менен толтырылды. Оған кѳре, медицина хызметкериниң нызам медицина искерлигине тосқынлық етиў яки усы мақсетте медицина хызметкерине нызамға қайшы рәўиште ҳәр қандай формада тәсир ѳткизиў –
Пуқараларға базалық есаплаў муғдарының бес есесинен жети есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса — жети есесинен он есеси муғдарында жәрийма салыўға яки он бес сутка мүддетке ҳәкимшилик қамақ алыўға себеп болады.
Бул нызамлар ѳз орнында педагог хызметкерлериниң мәжбүрий мийнетке тартыў менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын, педагог ҳәм медицина хызметкерлериниң кәсиплик искерлигине нызамға қайшы рәўиште араласқанлық ушын жуўапкершиликти күшейтириў, сондай-ақ олардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳам нызамлы мәплерин тәмийинлеўге хызмет қылады.
Жумабаев Руслан Тажимуратович
Нѳкис районлараралық
ҳәкимшилик суды судьясы