СТАТИСТИКАЛЫҚ МАҒЛЫЎМАТ

14.04.2023 14:48:27 212 Баспаға шығарыў

2023-жылдың 1-март ҳалатына  Кегейли районы аймағында 1461 хожалық жүритиўиши субьектлер мəмлекетлик дизимге алынған болып, соннан киши бизнес субьектлери  780 ти  қурайды. Дизимге алынған  киши бизнес субьектлеринен ҳəрекет етип турғаны  609 субъект болып,  соннан  38 субъект   жыл басынан жаңадан ашылып  бүгинги күнде өз жумысларын жолға қойып өз хызметлерин халқымызға усынбақта. Жаңадан ашылған исбилерменлик субъектлерине мəмлекетимиз тəрепинен берилип атырған жеңилликлер ҳəм статистика бөлимине тапсырылатуғын мəмлекетлик статистикалық есабатлар ҳәм олардиң мүддетлери ҳаққында түсинидириў жумыслары алып барылмақта.

Районымызда дизимге алынған киши бизнес субъектлеринен санаат кәрханалари саны 115, қурылыс кәрханалари саны 70, саўда кәрханалари саны 201, ҳәмде ҳ.т.б 159 кәрханалардан ибарат.

2023 жылдың 1-март халатына район аймағында ҳәрекет етип турған санаат кәрханалары тәрепинен 84,5 млрд. сумлық санаат өнимлери, сыртқы саўда айланбасы  773,5 мын. АҚШ доллар, усақлап сатыў товар айланбасы 31,2 млрд. сум, жәми хызметлер тараўы 34,1 млрд сум болып 107,4 пайызды қурады ҳәм ɵсим пәти тәмийнленди.

 

         Кегейли районы статистика бөлими.

14.04.2023 14:48:27 213