ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ АЛПЫС ТОҒЫЗЫНШЫ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ƟТТИ.

04.04.2023 20:27:09 263 Баспаға шығарыў

Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси баслығы Д.Утемуратов алып барды.
Сессия күн тәртибинде:
– Кегейли районы ҳәкиминиң жаслар машқалаларының шешилиўине көмеклесиў, жас әўладтың билимлерин ҳәм талантларын раўажландырыў бойынша қосымша шараятлар жаратыў бойынша әмелге асырылған жумыслары бойынша есабаты ҳаққында.
– Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 11 ноябрьдеги “2020–2023 жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-4889-санлы қарарының орынланыўы бойынша белгиленген объектлерде әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумысларының барысы туўралы есабаты ҳаққында.
– Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2021 жыл 9-декабрьдеги
ПФ-33- санлы Пәрманы тийкарында базар принциплерине тийкарланған ипотека кредитлери арқалы халықты турақ жай менен тәмийинлеў ҳәмде ”Жаңа Өзбекстан” массивлерин қурыў ҳәм аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында.
– Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2023-жылғы параметрлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында.
– Кегейли районы бойынша референдум өткериўши участкалық комиссиялардың қурамына талабанлар усыныў ҳаққында.
– «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққында.
– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2023-жыл
21-февральдағы Кегейли районының дүзилгенлигиниң 95 жыллығын нышанлаўға таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў илажлары ҳаққындағы шешимине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында.
– Кегейли районы аўыл хожалығы кәрханалары бойынша 2023-жыл өними ушын жетистирилетуғын аўыл хожалығы егинлерин жайластырыў илажлары ҳаққында.
– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң айырым депутатларының депутатлық ўәкиллигин мүддетинен бурын тоқтатыў ҳаққында.

Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

04.04.2023 20:27:09 264