УШЫРАСЫЎ БОЛЫП ӨТТИ.

30.03.2023 17:23:59 92 Баспаға шығарыў

2023-жыл 30-март күни Кегейли районы “Абат мәкан” ҳәм “Жылўан жап” мәкан пуқаралар жыйынларында көше бийлери ҳәм мәҳәлле белсендилериниң қатнасыўында ушырасыў жыйналыслары болып өтти.

Ушырасыўға Кегейли районына бириктирилген үгит-нәсиятлаў топары ағзалары Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты Т.Хожаназаров, мийнет ветераны  М.Шанхиев, Интеллектуал мүлк агентлиги баслығы Е.Қаниязов, Олий суд судьясы А.Бекманов, Инсан ресурслары басқармасы баслығы орынбасары А.Қалтурдыевлар қатнасты.

Ушырасыў барысында шығып сөйлеўшилер Т.Хожаназаров, М.Шанхиев ҳәм А.Бекмановлар тәрепинен бүгинги күнде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалардың барысы, жаңаланып атырған Өзбекстан Республикасы Конституциясының мазмуны ҳәм ондағы жаңадан киритилип атырған өзгерислердиң әҳмийети ҳәмде Конституциялық нызам жойбары бойынша өткерилетуғын Референдум ҳаққында түсиник жумыслары алып барылды.

Ушырасыў соңында мәжилис қатнасыўшылары өзлерин  қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

30.03.2023 17:23:59 93