Депутат пенен ушырасыў

25.03.2023 11:43:53 134 Баспаға шығарыў

Бүгин, 25-март күни Кегейли районы Медицина бирлеспесинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты Т.Хожаназаровтың қатнасыўында ушырасыў болып өтти. Ушырасыўды Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси Секретариат баслығы У.Утегенов ашты ҳәм алып барды. Илажда Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары ҳәмде райондағы медицина тараўы хызметкерлери қатнасты. Ушырасыўда Олий Мажлис Нызамшылык палатасы депутаты Т.Хожаназаров Өзбекстан Республикасының жаңаланып атырған Конституциясының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиник берди ҳәм Конституциялық Нызам жойбары бойынша усы жылдың 30-апрель күни болып өтетуғын Референдумға белсене қатнасыўға шақырды.

25.03.2023 11:43:53 135