ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕП АЛЫНДЫ

27.03.2023 11:41:54 90 Баспаға шығарыў

Бүгин, 27-март күни Кегейли районы ҳәкимлигинде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалардың мазмунын ҳәм әҳмийетин үгит-нәсиятлаў топары ағзаларының қатнасыўында мәжилис болып өтти.
Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы бойынша дүзилген үгит-нәсиялаў топарының ағзасы М.Шаңқиев қатнасты ҳәм шығып сөйлеп, бүгинги күни мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалардың барысы ҳәмде Конституциямызға киритилип атырған өзгерислердың мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде тоқтап өтти.
Сондай-ақ Конституция жойбары бойынша усы жылдың 30-апрель сәнесине белгиленген Референдумға ҳәр бир пуқара өзлериниң конституциялық ҳуқықларынан толық пайдаланған ҳалда белсене қатнасып, өз келешеги ҳәм ҳуқықлары ушын даўыс бериўге шақырды.
Мәжилисте үгит-нәсиятлаў топары ағзалары тәрепинен ислениўи лазым болған ўазыйпалар белгилеп алынды.

27.03.2023 11:41:54 91