Улыўма орта билим бериў мектеплеринде заманагɵй билимлендириў сапасын арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша медиа-тур

29.03.2023 16:29:59 158 Баспаға шығарыў

Кегейли районында улыўма орта билим бериў мектеплеринде заманагɵй билимлендириў сапасын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде район ҳәкими Д.Утемуратов қатнасыўында медиа-тур шɵлкемлестирилди. Медиа-тур даўамында район орайында жайласқан мектеплердиң ишки имканиятлары үйренилип, танысыў жумыслары алып барылды. Мағлыўмат ушын, Кегейли районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы
39 билимлендириў мәкемеси бар болып, соннан 38 улыўма билим бериў мектеби,
1 “Бәркамал әўлад” балалар мектеби жумыс алып бармақта.

Бөлимге қараслы улыўма орта билим бериў мектеплеринде 2022-2023-оқыў жылында 1-11-классларда 12641 оқыўшы тәлим-тәрбия алмақта. Бәркамал әўлад балалар мектебинде шөлкемлестирилген дөгереклерге  760 оқыўшы тартылған.

2022-2023-оқыў жылында улыўма орта билим бериў мектеплеринде
1864 муғәллим хызмет көрсетип келмекте. Олардан 1728 муғәллим жоқары мағлыўматлы, 136 муғәллим орта арнаўлы мағлыўматлы муғәллимлерди қурайды.

Муғәллимлердиң сыпат қурамы бойынша 181 муғәллим жоқары категориялы,
403 муғәллим биринши категориялы, 534 муғәллим екинши категориялы, 562 муғәллим қәниге муғәллимлерди қурайтуғын болса, соннан, жәми 145 шет тили пәни муғаллимлери бар болып, соннан  95 оқытыўшы шет тилине тийисли миллий ҳәм халықаралық сертификатларға ийе болды. Улыўма орта билим бериў мектеплериниң китапханаларында 215 мың 345 дана оқыў сабақлықлары, 3 мың 542 дана оқыў методикалық қолланбалар ҳәм 55 мың 313 дана көркем әдебиятлар менен тәмийинленип бул ѳз гезегинде мектеп оқыўшылары ҳәм район халқы ушын  хызмет көрсетпекте.

 

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

29.03.2023 16:29:59 159