ҮЙРЕНИЎ ЖУМЫСЛАРЫ АЛЫП БАРЫЛДЫ

10.03.2023 10:10:25 87 Баспаға шығарыў

Белгиленген Ис-режеге муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары ҳәмде тийисли қәнигелерден дүзилген Исши-топар ағзалары тәрепинен райондағы «Абат» аўыл пуқаралар жыйыны ҳәм «Жылўан жап», «Гүжим терек» мәкан пуқаралар жыйынларында «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының ҳәмде тараўға байланыслы қабыл етилген Президент Пәрманлары, қарарлары ҳәмде Ҳүкимет қарарларының орынланыў барысы бойынша үйрениў жумыслары алып барылды.
Үйрениў нәтийжелери дәслепки тәризде Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң тийисли турақлы комиссиясы мәжилисинде қарап шығылып, бул мәселе Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң гезектеги сессиясының күн тәртибине талқылаўға киритилиўи режелестирилген.

10.03.2023 10:10:25 88