Белгиленген ис-реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.
Мәжилис күн тәртибинде Кегейли районы жергиликли бюджетиниң
2022-жылдың жуўмағы менен дәраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги есабынан анықланған қаржыларының жумсалыў жөнелислери ҳаққындағы мәселе қарап шығылды.
Турақлы комиссия мәжилисинде күн тәртибиндеги мәселе ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў бойынша шешим қабыл етилди.
ТУРАҚЛЫ КОМИССИЯ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ.
11.03.2023 10:00:06
172