ЭКСТРЕМИЗМ – ИНСАНИЯТТЫҢ ДУШПАНЫ!

23.03.2023 09:25:38 164 Баспаға шығарыў

Ҳәзирги ўақытта бир неше ири экстремистик шөлкемлер белсене түрде социаллық тармақлар арқалы өз қатарына 17-35 жасқа шекемги аралықта болған адамларды тартпақта. Бунда психологиялық тәсир нәтийжелигин асырыў мақсетинде социал тармақ ағзаларының баслаўшы бетлерине қойылып атырған сүўретлерди, тәрийиплерди, ескертиўлерди ҳәмде алып барылып атырған темалардағы сәўбетлесиўлер пухта ислеп шығылып, усы тийкарында «гөзленген» шахсқа темаға байланыслы материалларды интернеттиң Facebook, Odnoklassniki, VKontakte, Telegram, Twitter, WhatsAppкиби кең аудиторияға ийе болған социал тармақлар арқалы жиберип өз-ара байланыслар жолға қойылмақта.

БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында сөзге шыққан Журтбасымыз Республикада әмелге асырылып атырған реформалар ҳәмде қәўипсизликке зыян келтирип атырған машқалаларға тоқталып, экстремизм ҳәм терроризм қәўипи соңғы жылларда күшейип баратырғанлығы, оларға қарсы күш ислетиў жолы өзин ақламай атырғанлығын айрықша атап өтти.

Елимиздиң барлық тараўларында әмелге асырылып атырған өзгерислерден гөзленген тийкарғы мақсет ҳалқымыздыңтурмыс тәризин жақсылаў, халықтың жасаў жағдайын жәнеде өсириў, нызамшылықты, ҳуқық-тәртипти ҳамде жәмийеттиң қәўипсизлигин, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўден ибарат.

Диний фундаментализм ҳәм экстремизм бар екен, терроризм қәўип қәтери барлық ўақыт сақланып қалынады. Себеби, терроризм өзиниң идея ҳәм идеялогиялық азығын олардан алады ҳәм оларға сүйенеди. Терроршылық усылларын қоллап-қуўатлап атырған дин нықабындағы түрли шөлкемлердиң ҳәрекетлерине қарсы нәтийжели идеялогиялық гүрес алып барыў барысында олардың адамгершиликке жат мазмундағы идеяларынхалқымызға түсиндирип жеткериў әҳмийетли орын ийелейди. Жоқарыдағы ағымлар тәсирине түсип қалмаў ушын ҳәр биримиз бәрқулла сергек болыўымыз, журт тынышлығы, халық абаданлығы жолында өз үлесимизди қосыўмыз лазым.

        

Кегейли районы ИИБ ТҚГТ

аға оператив ўǝкили

аға лейтенант                                                             

Д.Е.Атажанов

 

23.03.2023 09:25:38 165