Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы тәрепинен алып барылып атырған жумыслары ҳаққындағы есабатын қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссия баслығы Б. Искендеровтың Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы тәрепинен алып барылып атырған жумыслары ҳаққындағы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссия баслықларына:
– турақлы комиссия ўәкилликлерин атқарыў бойынша жумысларын белгиленген нызам талаплары тийкарында алып барыў;
– орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша айқын ис-иләжлар ислеп шығыў;
– тастыйықланған ис-реже тийкарында белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў.;
– орынларда “Темир дәптери”, “Ҳаяллар дәптери”, “Жаслар дәптери” тийкарында исленип атырған жумыслардың ҳәмде мәнзилли социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларының орынланыў барысын турақлы түрде қадағалап барыў;
– Халық депутатлары районлық Кеңеси сессияларында қабыл етилген шешимлердиң ҳәм аймақларда социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша турақлы қадағалаў жумысларын алып барыў тапсырылсын.
- Турақлы комиссия тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында ғалаба хабар қуралларында, социаллық тармақларда кең түрде жарытып барыўға миннетленсин.