Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2023-жыл
28-февральдағы 1107-санлы Қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Бюджет кодексиниң
119 ҳәм 126 статьяларына муўапық Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2023-жыл
1-январь жағдайына анықланған еркин қалдық қаржыларын мақсетке муўапық жумсалыўын тәмийинлеў мақсетинде Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Кегейли районы ҳәкимлигиниң Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2023 жыл 1-январь жағдайына анықланған еркин қалдық қаржыларының жумсалыў жөнелислери бойынша усынысы мақуллансын.
- Кегейли районы ушын 2023-жыл 1-январь жағдайына анықланған еркин қалдық қаржыларының жумсалыў жөнелислери 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Қаржыларды әмелге асырыўшы жуўапкер мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшыларына:
– ажыратылған қаржыларды, туўры, мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў;
– жумсалмаған ҳәм үнемленген қаржыларды районның жергиликли бюджетине қайтарыў иләжларын көрсин.
- Кегейли районы финанс бөлими (Д.Ибрагимов):
– жергиликли бюджеттиң қәрежетлер режесине белгиленген тәртипте тийисли өзгерислер киргизиў;
– ажыратылған қаржылардың мақсетли жумсалыўы үстинен тийисли тәртипте қадағалаў орнатсын.
- Кегейли районы ғазнашылық бөлимине (М.Матекеев) ажыратылған қаржылар бойынша төлемлерди орнатылған тәртипте ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў тапсырылсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына (С.Қалханов) жүкленсин.
-
Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2023 жыл 1-январь жағдайына анықланған еркин қалдық қаржыларының жумсалыў жөнелислери № Қәрежетлер Ажыратылған қаржы
(млн.сўм)1 «Ҳаяллар дәптери» қорына 8,0 2 «Жаслар дәптери» қорына 15% 8,0 3 «Пуқаралар басламасы қоры»на 16,0 4 Қосымша қарарлар тийкарында жөнелтирилетуғын қаржы муғдары 22,2 ЖАМИ 54,2