ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Кегейли районы аймағында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелери ҳәм аймақларда жүз берген жынайый аўҳаллары ҳаққында.

14.03.2023 10:23:35 135 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 24-декабрьдеги “Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў нәтийжелилигин асырыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы ПҚ-4075-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық халық депутатлары Кегейли районлық  районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Кегейли районы аймағында 2023-жылдың еки айы даўамында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумыслардың нәтийжелери ҳәм аймақларда жүз берген аўыр түрдеги жынайый аўҳаллары ҳаққындағы мәселе бойынша Кегейли районлық ишки ислер бөлими баслығының орынбасары-жәмийет қәўипсизлиги хызмети баслығы А.Ситановтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Район аймағында 2023-жылдың еки айы даўамында өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда жүз берген жынаятлар санының 10 % ға өсип кеткенлиги атап өтилсин.
  3. Кегейли районлық ишки ислер бөлими (Н.Адилбеков), мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап куўатлаў бөлими (Т.Давлетов), шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими (Г.Хожамбергенова), Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими (А.Төремуратов), районлық халық билимлендириў бөлими (Қ.Бекимбетов) ҳәмде пуқаралар жыйынлары менен биргеликте:

– жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен профилактикалық илажларды күшейттириў;

– район аймағында түнги рейдлер шөлкемлестириў ҳәм профилактика инспекторлары тәрепинен өзи хызмет қылып атырған аймақта ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, оларды оператив анықлаў ҳәмде жынаятшылыққа жол қоймаў бойынша профилактикалық илажлардың нәтийжелилигин асырыўды тәмийинлеў;

– жәмийетлик тәртипти сақлаў, пуқаралар қәўипсизлигин тәмийинлеў,              ҳаял-қызлар ҳәмде жаслар арасында  жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша турақлы түрде профилактикалық илажларды өткерип  барыў;

– жаслардың сиясий белсендилигин ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыўға қаратылған зәрүр илажларды белгилеў ҳәм әмелге асырыў;

– жынаятшылыққа қарсы гүресиў, олардың себеплери ҳәм оған имканият жаратып берип атырған шәрт-шараятларды анықлаў ҳәм де сапластырыў;

– жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жәмийетте ҳуқықый саўатханлық ҳәм ҳуқықый мәдениятты жетилистириўге қаратылған үгит-нәсият илажларын шөлкемлестириў;

– жынаятлар дәрежеси өсимине жол қойылып атырған аймақларда тийисли пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм профилактика инспекторларының жынаятшылықтын алдын алыў бойынша алып барып атырған жумысларын орынларда сын көз қараста талқылап барыў  тапсырылсын.

  1. Район аймағында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша исленип атырған жумыслардың нәтийжелери ҳәмде жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр жынайый аўҳаллар ҳәр айда Халық депутатлары районлық Кеңесиниң сессияларында ҳәмде тийисли турақлы комиссия мәжилислеринде талқыланып барылсын.

5. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша комиссиясына жүкленсин.

14.03.2023 10:23:35 136