ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Кегейли районы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында “Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының ҳәмде тараўға байланыслы қабыл етилген Президент Пәрманлары, қарарлары ҳәм Ҳүкимет қарарлары талапларының орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында.

14.03.2023 10:22:30 245 Баспаға шығарыў

Кегейли районы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында “Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының ҳәмде  тараўға байланыслы қабыл етилген Президент Пәрманлары, қарарлары ҳәм Ҳүкимет қарарлары талапларының орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде  «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының                        21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М  Е Т Е Д И:

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы Б.Искендеровтың Кегейли районы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында “Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының ҳәмде тараўға байланыслы қабыл етилген Президент Пәрманлары, қарарлары ҳәм Ҳүкимет қарарлары талапларының орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққындағы баянаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы «Гүжим терек» (Б.Джумамуратов) мәкан пуқаралар жыйынында “Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының ҳәмде тараўға байланыслы қабыл етилген Президент Пәрманлары, қарарлары ҳәм Ҳүкимет қарарлары талапларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша бир қатар унамлы жумыслар алып барылып атырғанлығы көрсетип өтилсин.
  3. Кегейли районы «Абат» (Н.Худайбергенов) аўыл ҳәмде «Жылўан жап» (А.Мырзамбетов) мәкан пуқаралар жыйынларының:

– «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы Нызамының ҳәмде  тараўға байланыслы қабыл етилген Президент Пәрманлары, қарарлары ҳәм Ҳүкимет қарарлары талапларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып  атырған жумыслары еледе жеткиликсиз екенлиги атап өтилсин;

– пуқаралар жыйыны жумысларын шөлкемлестириўде «Пуқаралардың ѳзин-ѳзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамының  талапларына әмел қылмаў жағдайларының орын алып атырғанлығы, пуқаралар ўәкиллериниң жыйналыслары, кеңес мәжилислери талап дәрежесинде өткерилмей атырғанлығы өткир сынға алынсын.

– бир ай мүддет ишинде өз искерлигине байланыслы хүжжетлерди тәртипке келтириў, орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.

  1. Мәҳәлле ҳәм нуранийлерди қоллап-қуўатлаў бөлими
    (Т.Давлетов), пуқаралар жыйынлары баслықлары:

– пуқаралар ўәкиллериниң жыйналысларын турақлы түрде ҳәр шеректе кеминде бир мәрте өткерип турылыўын тәмийинлесин;

– пуқаралар ўәкиллериниң жыйналысларында пуқаралар жыйынлары баслығы (ақсақалы), таяныш пункти ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бойынша инспекторы, аймақтағы билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң басшыларының әмелге асырып атырған жумыслары туўралы есабатларын турақлы түрде тыңлап барыўды жолға қойсын;

– пуқаралар жыйыны кеңесиниң ўәкилликлери шеңберинде белгиленген илажларды ҳәм кеңес мәжилислерин өз ўақтында өткерип барсын;

– пуқаралар жыйыны жумысының тийкарғы жөнелислери бойынша комиссияларының жумысларын талап дәрежесинде жүргизиў ҳәм тәртипке келтириў бойынша зәрүр илажларды белгилесин;

– аймақта “Жасыл макан” улыўма миллий бағдарламасын әмелге асырыў, аймақты абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў бойынша жумысларды турақлы түрде алып барсын;

– әмелге асырылып атырған жумыслардың ашықлығын тәмийинлеў мақсетинде пуқаралар жыйынлары кесиминде өткерилип атырған пуқаралар ўәкиллериниң жыйналыслары ҳәм басқада илажлар ғалаба хабар қуралларында, социаллық тармақларда турақлы түрде кеңнен жарытып барсын;

– пуқаралардан келип түскен мүрәжатларды унамлы ҳәм өз мүддетлеринде орынланыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;

– пуқаралар мүрәжатларынан келип шығып, анықланған жәрдемге мүтәж пуқараларды қоллап-қуўатлаў,  әсиресе шараяты аўыр болған шаңарақларға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў мәселесине айрықша итибар қаратсын.

– Мәҳәлле ҳәм нуранийлерди қоллап-қуўатлаў бөлими (Т.Давлетов) 2022 жыл ҳәмде 2023 жылдың биринши шерегиниң жуўмақлары менен пуқаралар жыйынлары баслықларының есабатларын тыңлаў бойынша 2023 жылдың апрель айында пуқаралар ўәкиллериниң жыйналысларын өткериў кестесин ислеп шықсын ҳәм орынланыўын тәмийинлесин.

  1. Нызамшылықта белгиленген тәртипте пуқаралар жыйынлары аймағында әмелге асырылып атырған пуқаралар жыйынының жумысларына байланыслы мәселелер бойынша жергиликли ҳәкимияттың атқарыўшы органы басшыларының ҳәр шеректе пуқаралар ўәкиллериниң жыйналысларында есабат берип барыў әмелияты жолға қойылсын.
  2. Пуқаралар ўәкиллериниң жыйналысларын ҳәр шеректе кеминде бир мәрте өткерилип турылыўын тәмийинлеў бойынша пуқаралар жыйынларының баслықлары жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын.
  3. Пуқаралар жыйынлары баслықлары усы шешимниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы 2023 жылдың 1-май сәнесине Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине жазба мәлимлеме бериў тапсырылсын..
  4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясына (Б.Искендеров) жүкленсин.
14.03.2023 10:22:30 246