Соңғы жылларда елатлы пунктлерди көкелемзарластырыў, терек ҳәм путаларды қорғаў ҳәм де жасыл майданларды кеңейтиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Терек ҳәм пута нәллерин егиў, оларды тәрбиялаў, халқымыздың сейил етиўи ҳәм кеўилли дем алыўы ушын жасыл майданларды ҳәм парклерин кеңейтиў ҳәм басқада көкелемзарластырыў жумысларын алып барыў бүгинги күнниң актуал ўазыйпаларынан бири есапланады.
Бүгинги күнде мәмлекет көлеминде тереклерди көбейтиўге қаратылған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын әмелде қолланыў белгиленген.
Оған бола тереклер егиў ҳәм тәрбиялаў саласында басқарыў системасын жетилистириў, аймақларда «Жасыл бағлар» ҳәм «Жасыл жәмийетлик парклер»ди пайда етиў тийкарғы ўазыйпалар етип белгиленген.
Район аймағында тереклер, путалар ҳәм жасыл мәканларды қорғаў ҳәмде олардың майданларын кеңейтиў, бул тараўға жуўапкер шөлкемлер искерлигин жәнеде нәтийжели шөлкемлестириў ҳәмде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 30-декабрьдеги «Республикада көкелемзарластырыў жумысларын жеделлестириў, тереклерди қорғаўды жәнеде нәтийжели шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПФ-46-санлы Пәрманы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 27-сентябрьдеги «Жасыл бағлар» ҳәм «Жасыл жәмийетлик парклер»ди пайда етиў илажлары ҳаққында”ғы 529-санлы қарарында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 30-декабрьдеги «Республикада көкелемзарластырыў жумысларын жеделлестириў, тереклерди қорғаўды жәнеде нәтийжели шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПФ-46-санлы Пәрманы ҳәмде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 27-сентябрьдеги «Жасыл бағлар» ҳәм «Жасыл жәмийетлик парклер»ди пайда етиў илажлары ҳаққында”ғы 529-санлы қарары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
- Кегейли районы ҳәкимлигиниң «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 3736қ контурында жайласқан 3,0 гектар жер майданында «Жасыл бағ» пайда етиў бойынша усынысы мақуллансын.
- Кегейли районы «Жалпақ жап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 11800 контурында жайласқан 4,0 гектар жер майданында “Жасыл бағ” шөлкемлестирилгенлиги инабатқа алынсын.
- Кегейли районы ҳәкиминиң экология ҳәм Арал бойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары (И.Абылбаев) «Жасыл бағлар» пайда етиў бойынша жойбарлық-сметалық ҳүжжетлерин таярлаў ушын “Ўрмонлойиҳа” жойбарластырыў институты менен шәртнамалар дүзиўди тәмийинлесин.
- Кегейли районы ҳәкиминиң экология ҳәм Арал бойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары (И.Абылбаев), архитектура ҳәм қурылыс бөлими (Н.Отепова), Мәмлекетлик кадастрлар палатасының районлық бөлими (Д.Рустемов), ирригация бөлими (Қ.Пиримбетов) тийисли шөлкемлер менен биргеликте:
– аймақлардан «Жасыл бағлар» пайда етиў ушын таңлап алынған жер майданларының контурларын анықлаў, жайласқан орны ҳәмде сызылма өлшемин белгилеў;
– суўғарыў системасын шөлкемлестириў (насослар, скважина, ҳәўизлер, салма тартыў, тамшылатып суўғарыў системасын енгизиў);
– топырақ шараяты туўралы (шорлығы, эрозияға ушырағанлығы, таслақ, ығаллылық дәрежеси, өнимдарлығы ҳ.т.б.), сондай-ақ егилетуғын нәл түрлери ҳаққындағы ҳәмде басқада усынысларды (сүўретлери ҳәм сызылмалары менен бирге) жойбарлаў шөлкемине усыныў ўазыйпалары жүклетилсин.
- Кегейли районы абаданластырыў басқармасы (М.Хошанов) шөлкемлестирилген «Жасыл бағ»лар аймағында тастыйықланған жойбарлар тийкарында мәнзаралы терек нәллерин отырғызыў, егилген нәллерди суўғарыў, тәрбиялаў, зыянкеслерден сақлаў ҳәмде олардың набыт болыўының алдын алыў, мудамы абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын шөлкемлестирип барсын.
- Кегейли районы Экология ҳәм әтирап орталықты қорғаў бөлими (К.Сейтниязов) шөлкемлестирилген «Жасыл бағ»лар аймағындағы егилген тереклер ҳәм путалардың нызамсыз кесилиўи үстинен қатаң қадағалаў орнатсын.
- Кегейли районы ҳәкиминиң экология ҳәм Арал бойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары (И.Абылбаев) район аймағынан «Жасыл бағлар»дың пайда болыўы мүнәсибети менен оларға хызмет көрсетилиўин тәмийинлеў мақсетинде «Жасыл аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасының аймақлық шөлкеми менен шәртнамалар дүзилиўин тәмийинлесин.
- «Жасыл бағ» ҳәм «Жасыл жәмийетлик парклар»ды шөлкемлестириў, сақлаў, раўажландырыў илажларын қаржыландырыў жергиликли бюджеттиң қосымша дереклери, қәўендерлик ҳәм грант қаржылары ҳәмде нызамшылықта қадаған етилмеген басқада дереклер есабынан әмелге асырылыўы белгилеп қойылсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң биринши орынбасарына (И.Абылбаев) ҳәмде Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.