ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде секторлар ҳәм пуқаралар жыйынларында мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

14.03.2023 10:19:52 109 Баспаға шығарыў

2023 жыл 2 айы даўамында Президент почтасы, көшпели қабыллаўлар, секторлардың көшпели қабыллаўлары, исеним телефонлар, веб сайт арқалы ҳәмде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасына жәми 300 мүрәжат келип түскен, соннан 108 мүрәжат ийеси толық қанаатландырылған, 55 мүрәжат ийесине ҳуқуқый мағлыўмат бериў арқалы шешилген, 1 мүрәжат мәселеси тамамланған, 72 мүрәжаат ийесине түсиник жумыслары алып барылған ҳәм 64 пуқараның мүрәжаты унамлы шешимин табыўы ушын қадағалаўға алынған. Район бойынша пуқаралардың мүрәжатларын қанаатландырыў дәрежеси 45,8 пайызды қураған.

Секторлар кесиминде 1-сектор бойынша жәми 33 мүрәжаттан                          6 мүрәжат (18,2%), 2-сектор бойынша жәми 41 мүрәжаттан 18 мүрәжат
(43,9%), 3-сектор бойынша жәми 40 мүрәжаттан 10 мүрәжат (25%),                       4-сектор бойынша жәми 51 мүрәжаттан 15 мүрәжат (29,4%) пайыз қанаатландырылған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәмде секторлар, пуқаралар жыйынлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлер тәрепинен пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў жумыысларынын барысы үйренип шығылған.

Үйрениў барысында пуқаралардың мүрәжатларын қанаатландырыў дәрежеси жүдә төмен болып қалмақта.

Атап айтқанда, Бюджетдан тысқары пенсия жамғармасы Кегейли районы бөлиминде (А.Қарабеков) 17 мүрәжаттан 1 (5,8%) мүрәжат, Кегейли районы Халық бәнтлигине көмеклесиў орайында (Б.Камалов) 28 мүрәжаттан                      1(3,6%) мүрәжат, Кегейли районы медицина бирлеспесинде (М.Досбергенов),  9 мүрәжаттан 2 (22,2%) мүрәжат, “Қарақалпақ суў таъминат” ЖШЖ Кегейли районы бөлиминде (А.Таўбаев) 14 мүрәжаттан (28,6%) 4 мүрәжат, Мәҳәлле ҳәм нураныйлерди қоллап-қуўатлаў бөлиминде (Т.Давлетов) 13 мүрәжаттан 4 (30,8%) мүрәжат, Кегейли районы мектепке шекемги билимлендириў бөлиминде (Г.Ерниязова) 5 мүрәжаттан 1 (20%) мүрәжат, Кегейли районы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминде (Г.Хожамбергенова) 18 мүрәжаттан 4 (22,2%) мүрәжат қанаатландырылған.

 

Мәҳәллердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен аймақларда әмелге асырылып атырған жумыслар  ҳәм пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў жумыслары жүзесинен өткерилген мониторинг нәтийжелерине көре «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси (Б.Ембергенов), «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси (М.Оралбаев) жумысларында бир қатар қәте-кемшиликлердиң орын алып атырғанлығы анықланған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде секторлар ҳәм пуқаралар жыйынларында мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Өзбекстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Нызамының 24-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И :

  1. 2023-жылдың 2 айы даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы М.Арзымбетовтың мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде секторлар ҳәм пуқаралар жыйынларында мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. 2023-жылдың еки айы даўамында Бюджетдан тысқары пенсия жамғармасы Кегейли районы бөлиминде (А.Қарабеков), Кегейли районы Халық бәнтлигине көмеклесиў орайында (Б.Камалов), Кегейли районы медицина бирлеспесинде (М.Досбергенов), “Қарақалпақ суў таъминат” жуўапкершилиги шекленген жәмийети Кегейли районы бөлиминде (А.Таўбаев), Мәҳәлле ҳәм нураныйлерди қоллап-қуўатлаў бөлиминде (Т.Давлетов), Кегейли районы мектепке шекемги билимлендириў бөлиминде (Г.Ерниязова), Кегейли районы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминде (Г.Хожамбергенова) пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларында қәте-кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы өткир сынға алынсын ҳәм орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.
  3. «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси Б.Ембергеновтың ҳәмде «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси М.Оралбаевтың өз ўазыйпаларын атқарыў бойынша әмелге асырып атырған жумыслары жеткиликсиз деп табылсын.
  4.  Район ҳәкимлиги, сектор басшылары, пуқаралар жыйынлары, мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәм тийисли тараў басшылары менен биргеликте:

-пуқаралардан келип түскен мүрәжатларды унамлы ҳәм қысқа мүддетлерде орынланыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;

– Өзбекстан Республикасы Президенти Виртуал қабыллаўханасы ҳәм Халық

қабыллаўханаларына келип түсип атырған мүрәжатлардың унамлы шешимин тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды турақлы түрде қадағалаўға алыў;

– пуқаралар мүрәжатларынан келип шығып, анықланған жәрдемге мүтәж пуқараларды қоллап-қуўатлаў,  әсиресе шараяты аўыр болған шаңарақларға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў мәселесине айрықша итибар қаратсын.

  1. Мәҳәллебай ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы (Д.Ордашов):

– аймақлардағы ҳәким жәрдемшилери тәрепинен пуқаралардың  мүрәжатлары менен ислесиўде жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм алдағы ўақытлары бундай кемшиликлерди болдырмаў бойынша айқын илажлар белгилесин;

– мүрәжатлар менен ислесиўде жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм алдын алыў бойынша алып барылған жумыслар ҳаққында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине жазба түрде мағлыўмат бериў тапсырылсын.

  1. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў сектор басшылары ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына жүкленсин.

 

14.03.2023 10:19:52 110