ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ АЛПЫС СЕГИЗИНШИ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ƟТТИ.

13.03.2023 16:18:52 169 Баспаға шығарыў

Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, тийисли тараў басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары, аймақлардағы ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси баслығы Д.Утемуратов алып барды.

Сессия күн тәртибинде:

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде секторлар ҳәм пуқаралар жыйынларында мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси ҳаққында;

– Кегейли районы аймағынан «Жасыл бағ»лар жойбарын әмелге асырыў ҳәм шөлкемлестириў илажлары ҳаққында;

– Кегейли районы ҳәкимлиги, секторлар ҳәмде тийисли тараў басшылары тәрепинен ҳаял-қызлар машқалаларын шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы туўралы есабаты ҳаққында;

– Кегейли районы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында “Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының ҳәмде  тараўға байланыслы қабыл етилген Президент Пәрманлары, қарарлары ҳәм Ҳүкимет қарарлары талапларының орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында;

– Кегейли районы аймағында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелери ҳәм  аймақларда жүз берген  жынайый аўҳаллары  ҳаққында;

– Кегейли районы халық билимлендириў бөлими баслығының тараўға байланыслы қабыл етилген Президент пәрманлары, қарарлары, ҳәм Ҳүкимет қарарларының орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында;

– Кегейли районы мектепке шекемги билимлендириў бөлими баслығының тараўға байланыслы қабыл етилген Президент пәрманлары, қарарлары, ҳәм Ҳүкимет қарарларының орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында;

– «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасына келип түскен қаржыларды мақсетли ҳәм мәнзилли сарплаў илажлары ҳаққында;  

– Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2023-жылдың жуўмағы менен дәраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги есабынан анықланған қаржыларының жумсалыў жөнелислери ҳаққында;

–  Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң  Билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт,  социаллық қорғаў,  жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясының өз ўәкилликлери шеңберинде алып барып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында;

– Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққындағы ҳәмде басқада мәселелер көрип шығылды.

Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық  мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

13.03.2023 16:18:52 170